Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң мәжилиси өткерилди
1195
Бәршемизге белгили, нызамбузыўшылық жағдайларын анықлағаннан, оныӊ алдын алған әҳмийетли. Бул жағдайларға себеп болатуғын факторларды анықлаў ҳәм сапластырыў елимиз тынышлығын ҳәм абаданлығын тәмийинлеўде көбирек нәтийже береди. Сол себепли Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси тәрепинен бул бағдардағы жумысларға айрықша дыққат-итибар қаратылған.
Бүгин Жоқарғы Кенестиӊ киши мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеӊесиниӊ 2021-жыл октябрь-декабрь айларындағы режесиниӊ орынланыў мәселесине бағышланып мәжилис болып өтти.
Мәжилиске Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеӊеси ағзалары, жоқары оқыў орынлары ҳәм де тийисли тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығыныӊ орынбасары Атабек Давлетов ашты ҳәм Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде коррупцияға қарсы гүресиў, халықтың ҳуқықый санасын ҳәм ҳуқықый мәдениятын арттырыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Усы жылдыӊ 7-октябрь күни Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеӊесиниӊ биринши мәжилиси болып өткен еди. Өткен ўақыт аралығында аймақлық кеӊес тәрепинен бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылған. Усы әмелге асырылған жумыслар бойынша Жоқарғы Кеӊестиӊ комитет баслығы, Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық Кеӊесиниӊ хаткери Зухра Реймованыӊ баянаты тыӊланды.
Баянатта атап өтилгениндей, пуқаралар арасында социаллық тармақлар арқалы «Қарақалпақстанда қайсы тараўлардың биринде коррупция көбирек ушырайды деп ойлайсыз?» - деген атамада сораўнама өткерилген. Оған пуқаралардың 52 % - Денсаўлықты сақлаў тараўы, 34 % - Жоқары оқыў орынларында, 24 % - Халық билимлендириў, 23 % - Ҳуқық қорғаў уйымларында, 22 % - Банк финанс тараўы, 18 % - Мектепке шекемги билимлендириў тараўында деген жуўап белгилеген. Демек усы сораўнама нәтийжесинен келип шығып, тараў басшыларынан коррупцияға қарсы гүресиўде жумысларды және де күшейтиў керек екенлиги талап етилди.
Буннан соӊ Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысларды әмелге асырыўшы мәмлекетлик уйым басшыларыныӊ есабатлары тыӊланып, бул бағдардағы жумыслар сын көз-қарастан талқыланды ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қатнасыўшылар өзлериниң пикир-усынысларын билдирип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети