«Жыл ҳаялы» таңлаўы жеӊимпазы күтип алынды
1267
«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының Ѳзбекстан Республикасы басқышында Республикамыздыӊ Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығы баслығы Салиева Палзада Жиенбаевна таңлаўдың гран-при жеңимпазылығын қолға киритип президент саўғасы Lacetti - Gentra aвтомашинасы менен сыйлықланған еди.
Бүгин гран-при жеңимпазы Жаслар орайы алдында салтанатлы түрде күтип алынды. Күтип алыў илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Қарақалпақстан Республикасы Мǝҳǝлле ҳǝм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри, белсенди ҳаял-қызлар, студент жаслар қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар Палзада Салиеваның бүгинги ерискен жетискенлиги ҳǝм алдағы жумысларында табыслар тилеп, кирип киятырған жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.

Буннан соӊ Жаслар орайында ушырасыў шөлкемлестирилди.

Буннан соӊ Жаслар орайында ушырасыў шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети