Сырдәрья ўәлаяты исбилерменлери Қанлыкөл районында
1592
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ усы жыл 17-ноябрь күнги арнаўлы протоколы тийкарында 2022-2024-жыллар даўамында республикамыздыӊ арқа районларында жер-суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, ишки ҳәм сыртқы инвестицияларды кеӊнен тартыў арқалы аўыл хожалығы тараўын раўажландырыў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жойбарларды әмелге асырыў, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, олардыӊ дәраматлары ҳәм турмыс дәрежесин еле де арттырыў, қолайлы агробизнес орталығын жаратыў мақсетинде республикамыздыӊ арқа районларыныӊ ҳәр бирине Өзбекстан Республикасыныӊ ўәлаятлары бириктирилген.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов ҳәм Сырдәрья ўәлаятыныӊ ҳәкими басшылығындағы бир топар аўыл хожалығы тараўы ўакиллери ҳәм исбилерменлер Қанлыкөл районында болды.
Сырдәрья ўәлаятының исбилерменлери Қанлыкөл районы халқының турмыс дәрежесин арттырыў, социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында бир қатар жойбарларды әмелге асырыў ушын жәрдем береди.
Районда аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты тараўларында 2022-2024-жылларда улыўма баҳасы 476 миллиард 621 миллион сўмлық 17 жойбар әмелге асырылыўы нәтийжесинде 2480 жаңа жумыс орынларын жаратыў режелестирилген.
Сырдәрья ўәлаятынан келген тийисли тараў ўәкиллери дәслеп районның имканиятларын үйренип, санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы кәрханалардың жумысы менен жақыннан танысты.

Районда пайдаланыўдан шыққан 9741 гектар жер майданы қайта өзлестириледи. Бул жер майданларыныӊ 10 гектарында «Сырдәрья бағы» пайда болады. Жоқарғы Кеӊес Баслығы ҳәм ўәлаят ҳәкими бағдыӊ дәслепки нәллерин екти.
Буннан соӊ райондағы социаллық жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды материаллық хошаметлеў мақсетинде 1000 шаңараққа азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
Соны да айрықша атап өтиў орынлы, мийманлар тәрепинен райондағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебине руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық радиоузельи орнатып берилди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети