Балалар ушын Президент саўғасы тапсырылды
1326
Елимизде Жаңа жыл байрамыныӊ гөззаллығы ҳүкимран. Жерлеслеримиз кейипияты көтериңки, жүзлеринде қуўаныш сезимлери сезиледи. Әсиресе, балалар шадлығыныӊ шегарасы жоқ. Усы ўақытта қысқы демалысқа шыққан ул-қызларымыздың бул мәўсимди қызықлы ҳәм мазмунлы өткериўи ушын мәмлекетимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылған.
Бунда ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилетуғын «Президент аршасы» байрам илажларының әҳмийети оғада айрықша.
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында байрам тамашасы болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, балаларды ҳәм олардың тәрбияшыларын жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады.
Байрамға ата-ана қарамағынан айырылған ҳәм жетим балалар, шаӊарақлық балалар үйлериниӊ тәрбияланыўшылары, сондай-ақ хызмет ўазыйпасын атқарыў ўақтында қайтыс болған хызметкерлердиӊ перзентлери мирәт етилди. Шырайлы етип безелген ёлка әтирапында Аязата менен Қарқызы, түрли ертек қаҳарманларының қатнасындағы театрластырылған тамашалар даўамында балаларға Президент саўғалары тапсырылды.
Республикамыздың көркем өнер шеберлери, сондай-ақ балалар атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар байрамға өзгеше көтериңкилик бағышлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети