«Мениң Президентим» таңлаўы жеӊимпазлары сыйлықланды
1032
«Мениң Президентим» таңлаўы тез пурсатта қәбилетли оқыўшыларды өзине жәмлей алды. Буған жасларымыздың Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атырған реформаларды өз турмысында шын мәнисин көре алғанлығы себеп болмақта.
Бүгин Жаслар орайында таӊлаўға қатнасып жеӊимпаз болған оқыўшы жаслар ҳәм олардыӊ оқытыўшыларын сыйлықлаў салтанаты болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов сөзге шығып, жыйналғанларды жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлады ҳәм елимизде ҳүрметли Президентимиз тарепинен билимлендириў тараўын раўажландырыўға, жасларды билимли, бәркамал аўлад етип тарбиялаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Мине, усындай итибар нәтийжесинде оқыўшы жасларымыз бир қатар жетискенликлерге ериспекте.
Атап айтқанда, «Мениӊ Президентим» таӊлаўында Бозатаўлы Сарыбаева Гүлферуз 600 мыӊнан аслам жаслар ишинен 2-орынды ийелеўи, сондай-ақ Берунийли Рахманова Севинч ҳәм Нөкисли Узақбергенова Анжимниӊ жеӊимпазлар қатарынан орын алғаны, Конституция – еркинлигимиз кепиллиги таӊлаўында Шымбайлы Қуўанышбаева Дилбардыӊ 1-орынды жеңип алғаны сөзимиздиӊ айқын дәлийли болып табылады.
Булардыӊ бәршеси жасларымыздыӊ Ҳүрметли Президентимизге, ана-Ўатанымызға болған үлкен ҳүметин ҳәм муҳаббатын көрсетеди.
Илажда таӊлаў жеӊимпазларына ҳәм олардыӊ оқытыўшыларына арналған ақшалай ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети