«Дослық үйи» пайдаланыўға тапсырылды
1169
Бугинги күнде көп миллетли халқымыз Ҳурметли Президентимиздиӊ басшылығында «Жаӊа Өзбекстан»ды, соныӊ ишинде «Жаӊа Қарақалпақстан»ды қурыў жолында мийнет етпекте. Бул жолда миллий мәдений орайлардыӊ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиӊ орны айрықша саналады.
Бүгин Пайтахтымызда «Дослық үйи»ниӊ ашылыў салтанаты болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов сөзге шығып, жыйналғанларды Жаӊа жыл байрамы, сондай-ақ, «Дослық үйи»ниӊ ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Бәршемизге мәлим, елимизде Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен халықлар дослығын беккемлеўге, миллетлераралық татыўлықты тәмийинлеўге, сырт мәмлекетлер менен байланысларды кеӊейтиўге үлкен итибар қаратылмақта. Сондай-ақ, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў бойынша да кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Сөзимизге мысал сыпатында Президентимиз басламасы менен елимизде «Халықлар дослығы күни»ниӊ белгилениўин, «Халықлар дослығы» көкирек нышаныныӊ енгизилиўин келтирип өтиў орынлы.
Буныӊ және бир әмелий көриниси сыпатында усы «Дослық үйи»ниӊ пайдаланыўға берилгенин атап көрсетиў мүмкин.
Алдын бос турған бул имаратта дерлик 3 миллиард сўмлық реконструкция жумыслары алып барылды ҳәмде керекли инвентарьлар менен тәмийинленди.
Бул жаӊа имаратта 5 миллий мәдений орай ҳәм социаллық әҳмийетке ийе болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жайласты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети