Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ жигирма бесинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1678
30-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма бесинши сессиясы болып өтти.
Видеобайланыс тәризинде өткен сессияға ҳүкимет ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессияныӊ күн тәртибиндеги Қарақалпақстан Республикасының 2022-жылғы бюджети туўралы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Финанс министри М.Содиқов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, 2022-жылда Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниӊ дәраматлары 2 триллион 356 миллиард 196 миллион сўм муғдарында режелестирилген болса, келеси жыл ушын Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджети қәрежетлери 3 триллион
874 миллиард 217,6 миллион сўм муғдарында прогноз етилмекте. Соннан социаллық тараў ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў қәрежетлери 2 триллион 586,8 миллиард сўмды қурайды.
Соныӊ менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы жергиликли бюджет параметрлериндеги және бир өзгерис, 2022-жылдан баслап пуқараларды жергиликли бюджет процесслерине және де қамтыў болып есапланады. Сонлықтан 2022-жылдыӊ 1-январь күнинен баслап қала ҳәм районлардың жергиликли бюджетлериниң тастыйықланған улыўма қәрежетлериниң
5 процент муғдары жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыўға жөнелтириледи. Нәтийжеде 2022-жыл «Ашық бюджет» мәлимлеме порталы арқалы жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплескен илажларға жөнелтиў ушын қала ҳәм район ҳәкимлиги жанындағы пуқаралардың белсенди қорларына 98,7 миллиард сўм қаржылар өткериледи. Бул өз нәўбетинде республикамызда бир қатар әҳмийетли социаллық-экономикалық машқалалардыӊ шешимин табыў ушын хызмет етеди.
Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасы баслығы Х.Бекчанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов сөзге шығып, депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети