1387
Қәдирли ўатанласлар!
Әзиз дослар!
Бәршеңизди өзинде уллы мақсет ҳәм ең жақсы нийетлерди жәмлеген, халқымызға өзгеше қуўаныш ҳәм үмит бағышлап, үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта.
Өтип баратырған жыл елимиздиң жаңа тарийхына өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларындағы өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен ажыралып туратуғын дәўир сыпатында жазылып қалмақта.
Әсиресе, соңғы жылларда Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында барлық тараўларда реформалардыӊ тереӊлесип барыўы, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыслардыӊ және де жеделлесиўи, жаслар ҳәм хаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәселелериниӊ мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, жәрдемге мүтәж инсанлардыӊ қоллап-қуўатланыўы, “Мәҳәллебай” жумыс ислеў әмелиятыныӊ жолға қойылғаны – булардыӊ барлығы халқымызды турмыстан разы етиў бағдарында әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден саналады.
Изде қалып баратырған «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтыӊ саламатлығын беккемлеў жылы»нда халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир қатар кәрханалардың, социаллық-мəдений, инфраструктура ҳəм басқа да объектлердиң иске түсирилгенлигин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтиў орынлы. Соныӊ ишинде, «Imzo» компаниясы тәрепинен Нөкис қаласында пластикалық өнимлер ислеп шығаратуғын кәрхананыӊ иске түскени, Тақыятас районында медициналық диагностика орайы ҳәмде тигиўшилик цехыныӊ ашылғаны, Қарақалпақстан медицина институты клиникасыныӊ пайдаланыўға тапсырылғаны, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалыныӊ ашылғаны, Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп-интернатыныӊ жумыс баслағаны, Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтыныӊ шөлкемлестирилгени, Нөкис қаласында Шайх Халифа бин Зоид Ал Наҳаён фонды тәрепинен Ҳаяллар ҳәм балалар емлеўханасы қурылыс жумысларыныӊ басланғаны сыяқлы көплеген мысаллар турмысымызда жүз берген қуўанышлы ўақыялар қатарына киреди.
Мине, раўажланыўдыӊ жоқары басқышына көтерилип атырған Жаӊа Өзбекстанда Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында өткен қысқа ўақыт ишинде барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы да социаллық-экономикалық жақтан жаӊаша раўажланыў жолына түспекте. Еӊ шетки Қоӊырыт, Мойнақ, Қанлыкөл, Тахтакөпир ҳәм Бозатаў районларында үлкен дөретиўшилик ислери әмелге асырылып атыр.
Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы арнаўлы қарары тийкарында 2021-жылдыӊ өзинде жәми 9 трлн. сўмлық 1 мыӊ 129 жойбар иске түсирилип, 8 мыӊ 987 жаӊа жумыс орны жаратылғанын, сондай-ақ, 1 мыӊ 347 жойбардыӊ 10 трлн. сўмлық инвестиция қаржылары өзлестирилгенин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтсек болады.
Сондай-ақ, жуўмақланған жылдыӊ 23-ноябринде Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ “Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы Пәрманы менен исбилерменлеримизге бир қатар жеӊилликлер берилип, жаӊа имканиятлар жаратылмақта.
Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, 2021-жылдыӊ 18-май сәнесинде болып өткен БМШ Бас Ассамблеясының 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясыныӊ қабыл етилиўи турмысымызда жүз берген тарийхый ўақыялардан саналады.
Бул өз гезегинде қоршаған орталығымызды қорғаў, халқымыздыӊ саламатлығын беккемлеў, Аралбойы аймағында жүзеге келген машқалаларды сапластырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың жасаў шараятларын жақсылаўда айрықша орын тутатуғын әҳмийетли ҳүжжетлерден болып табылады.
Әлбетте, бундай кеӊ көлемли жумыслар кеўиллерде мақтаныш сезимлерин оятыў менен бирге, инсанларды елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге үлес қосыўға руўхландырады.
Қәдирли ўатанласлар!
Кирип киятырған Жаңа жыл өзинде тағы да жоқары мақсет ҳәм ўазыйпаларды жәмлеп, бәршени уллы ислерге басламақта.
Жаңа жылда да халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаў, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаӊарақларға жәрдем көрсетиў, жасларды ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, исбилерменликти жедел раўажландырыў сыяқлы бир қатар мәселелер тийкарғы ўазыйпаларымыздан болып қала береди.
Байрам алдынан жаўған аппақ қар ҳақ кеўилли халқымызға бахыт, мол ырысқы-несийбе, дәрьямызға нәўпир суўлар алып келе берсин!
Сизлерди жəне бир мəрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бəршеңизге беккем денсаўлық, мол табыслар тилеймен!
Жаңа жыл ҳəр бир шаңараққа аманлық, берекет ҳəм қуўаныш алып келгей!
Елимиз тыныш, халқымыз ҳəмийше аман болсын!
Жаңа жылыңыз бəршеңизге қутлы мүбəрек болсын, əзиз заманласлар!
М.КАМАЛОВ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы