Жоқарғы Кеӊес Баслығы ең алыс әскерий бөлимлерде көркем имаратларды пайдаланыўға тапсырды
1875
Соңғы жыллары Қураллы Күшлеримизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың тийкарғы мақсети әскерий хызметкерлер ҳәм олардыӊ шаңарақ ағзаларының социаллық жақтан қорғалыўын тәмийинлеў, хызметти өтеў ҳәм жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыўға қаратылған. Қураллы Күшлеримиз шөлкемлестирилгенлигиниң 30 жыллығы ҳәм “Ўатан қорғаўшылары күни” байрамы алдынан пайдаланыўға тапсырылып атырған бундай объектлер сөзимиздиӊ айқын мысалы болып табылады.
7-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы баслығы М.Камалов ҳәм де Арқа-батыс әскерий округи командири Нөкис районында жайласқан әскерий бөлимлердиң биринде әскерий хызметкерлерге байрам алдынан сыйлық ретинде жаӊадан қурылған Мәнәўият ҳәм мәрифат орайы ҳәм де бөлим штабы биналарын пайдаланыўға тапсырды.
Салтанатлы илажда әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, Қураллы Күшлер нураныйлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкем ўәкиллери, қурылысшылар қатнасты.
Атап өтиў орынлы, буннан алдын ең алыс горнизонда жайласқан бул әскерий қалашада жасап атырған әскерий хызметкерлердиӊ перзентлери пән ҳәм спорт дөгереклерине қатнаўда машқалалар пайда болар еди.
Горнизондағы әскерий қалаша аймағында 2021-жылдың март айында қурылысы басланған бул объект алдын бос турған 1100 квадрат метр майданда қурылып, бир қабатлы үш комплекстен ибарат. Биринши комплекс байрам илажларын өткериў залы ҳәм де күтиў бөлмелерин, екинши комплекс әскерий хызметкерлердиң перзентлерине хызмет көрсетиўши математика, менталь арифметика, ана тили, инглиз тили, рус тили ҳәм компьютер билимин арттырыў бойынша дөгерек бөлмелерин өз ишине алады. Ал, үшинши комплекс спортты ғалабаластырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға хызмет етип, бул жерде жабық спорт майданшасы, фитнес ҳәм де аўыр атлетика менен шуғылланыў ушын заллар қурылған.
Илаж даўамында әскерий бөлимниӊ ири оӊлаў жумыслары алып барылған 22 хызмет ханасынан ибарат болған еки қабатлы штаб имараты да пайдаланыўға тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети