“Нөкис” полигонында да жаңа объект ашылды
1897
Арқа-батыс әскерий округине қараслы “Нөкис” полигонында капитал оӊлаўдан шығарылған жаңа Мәнәўият ҳәм мәрифат орайы ҳәм де офицерлер жатақханасы пайдаланыўға тапсырылды.
Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы баслығы М.Камалов, Арқа-батыс әскерий округы командири, әскерий хызметкерлер ҳәм Қураллы Күшлер нураныйлары қатнасты.
Полигонға өзгеше көрик берип турған бул объект аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы баслығыныӊ жәрдеми менен қайта оӊланды. Енди бул орай 196 орынлы концерт залына ийе болып, брифинглер, халықаралық көлемдеги ушырасыўлар өткериў мүмкиншилиги жаратылды.
Әскерий хызметкерлер менен өткерилиўи режелестирилген әмелий шынығыўларынан алдын оқ-дәри сарыпламастан қуралдан оқ атыў шынығыўларын орынлаў имканиятын жарататуғын орайдың екинши бөлиминде қурылған панорамалы компьютерлестирилген оқ атыў тренажёры ҳәм оқыў класы Ўатан қорғаўшыларының жаўынгерлик таярлығын еле де арттырыўға хызмет етеди.
17 орынға мөлшерленген офицерлар жатақханасы, әмелий шынығыўлар өткериў, жарыс ҳәм таңлаўларда қатнасыў ҳәм де халықаралық әскерий шериклик шеңбериндеги илажларда қатнасыў ушын келген офицер ҳәм мийманлардың дем алыўы ушын қолайлы шараят жаратып береди.
Атап өтиў орынлы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы баслығыныӊ жәрдеми менен 2020-жылда “Нөкис” полигонында 13 әскерий ҳәм де социаллық объектлерде капитал оӊлаў жумыслары алып барылыўы нәтийжесинде бүгин әскерий оқыў орайы жәҳән стандартларына толық жуўап беретуғын ҳәм әскерий хызметкерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыўға хызмет ететуғын мәканға айланды. Полигонда заманагөй көринистеги ықшам ҳәм қолайлы шараятларға ийе болған 400 орынлы еки жатақхана ҳәм оқыў орны ҳәм де 300 орынлы асхана жаӊадан қурылды ҳәм зәрүрли үскенелер, мебеллер менен тәмийинленди.
Басқарыў пункти, 7 оқыў класы, 10 орынға мөлшерленген медицина пункти ҳәм де әскерий хизметкерлер ушын кафетерий қайта қурылды. Арнаўлы бөлимшелер менен жаўынгерлик таярлық шынығыўларын реал жағдайға максимал дәрежеде жақынластырылған жағдайда өткериў мақсетинде разведка бөлимшелери ушын жақын урыс алып барыў қалашасы, ҳәм де тактикалық, арнаўлы шынығыўларды орынлаўға мөлшерленген көп қабатлы жай бой көтерди. Әскерий хызметкерлердиң физикалық шынығыўы ҳәм де түрли спорт ойынлары менен шуғылланыўы ушын мини-футбол майданшасы, гимнастика қалашасы, волейбол майданшасы ҳәм де рингти өз ишине алған ашық спорт комплекси қурылды.
Жаўынгерлик техникаларды сақлаў паркы, радиациялық, химиялық, биологиялық қураллардан қорғаныў қалашасы, жәмәәтлик руўхый турақлылықты қәлиплестириў имаратлары Ўатан қорғаўшыларын руўхый ҳәм физикалық жақтан шынықтырып, шынығыўлардың сапалы өткерилиўин тәмийинлемекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети