Жоқарғы Кеӊес депутатлары халыққа қандай жәрдем көрсетти?
1445
Өткен 2021-жыл – «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ тиккелей басшылығында Жоқарғы Кеӊес депутатлары бир қатар жумысларды әмелге асырды.
Атап айтқанда, комитет ҳәм президиум мәжилислеринде, сессияларда нызам талапларыныӊ, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм тийисли ҳүкиметлик қарарлары талапларының орынланыў барысын орынларға шығып үйрениў менен бирге, жуўапкер басшылардыӊ есабатларын, мәлимлемелерин тыӊлап, тийисли қарарлар қабыл етти.
Соныӊ менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен белгилеп берилген ўазыйпаларды орынлаў мақсетинде халықтыӊ жәрдемге мүтәж қатламын социаллық жақтан қоллап-қуўатлап, оларға жәрдем көрсетиў, бақша ҳәм мектеплер, емлеўханалар қурыў, қайта оӊлаў жумысларына Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң еркин қалдық қаржылары есабынан қаржы ажыратыў мәселелерин президиум мәжилислеринде додалап, қарарлар қабыл етип, сессияларда тастыйықлады.
Мысал сыпатында айтып өтетуғын болсақ, байрам күнлери халықтың кеўил кейпияты көтериӊки өтиўи ушын «Темир дәптер», «Ҳаяллар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери» дизимине киргизилген пуқараларды, халықтыӊ социаллық жәрдемге мүтәж қатламына азық-аўқатлық өнимлерин ҳәм де өз шаӊарақларына қосымша дәрамат киргизиў, көмекке мүтәж шаӊарақлардыӊ перзентлерин кийим-кеншек, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде 17 мыӊ 724 шаӊараққа 7 миллиард 564 миллион 500 мыӊ сўмлық әмелий жәрдемлер көрсетти. Ата-анасының қарамағынан айрылған ҳәм жетим 33 баланы турақ-жай менен тәмийинлеў ушын 2 миллиард 574 миллион сўмлық, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған 200 ата-анасынан ямаса олардыӊ биринен айырылған социаллық қорғаўға мүтәж қызлар ҳәм бағыўшысынан айырылған ҳаял-қызлардың 2021/2022-оқыў жылындағы 1 миллиард 381 миллион 155 мыӊ 837 сўмлық шәртнама төлемлерин төлеп берди. Әмиўдәрья районы, «Дослық» пуқаралар жыйыны Тоқыўшылар көшесинде жасаўшы Мадрахимова Махсуда Хамраевнаның аўыр социаллық жағдайға түсип қалғанлығын, үш перзентли жалғыз ана екенлигин ҳәмде турақ-жайға мүтәж болғанлығын есапқа алып, оны турақ-жай менен тәмийинлеўге қайырқомлық көмек ретинде 120 миллион сўм қаржы ажыратып берди.
Буннан тысқары Өзбекстан Гереңлер жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлиминиӊ, Өзбекстан Майыплар жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлиминиӊ ҳәр бирин «Нексия - 3» маркалы, Республикалық 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»н «Кобальт» маркалы автомашиналар менен тәмийинлеген болса,
2021-жылғы жаз мəўсиминде «Меҳрибанлық үйи» тəрбияланыўшыларын, бағыўшысын жоғалтқан ҳəмде кем тəмийинленген шаңарақлардың балаларын дем алыў ҳəм саўалландырыў орайларына жибериў ушын 2 миллиард 812 миллион 200 жүз мың сўмлық, 2021/2022 оқыў жылының гүзги дем алысы дәўиринде «Меҳрибанлық үйи»нде ҳәм шаңарақлық балалар үйинде тəрбияланыўшы жәми 90 баланың ҳәмде оларға жетекшилик етиўши 10 тәрбияшының Бухара қаласында жайласқан тарийхый орынларға саяхатын шөлкемлестириў ушын 77 миллион 392 мың сўмлық, сондай-ақ, «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң ғумшалары» аяқ ойын ансамблин сахналық кийимлер менен тәмийинлеў ушын 51 миллион 975 мыӊ сўмлық ҳәм де усы «Меҳрибанлық үйи»нде тәрбияланып шыққан, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Жанибек Наўрызбаевты материаллық хошаметлеў ушын 6 миллион сўмлық қаржы ажыратты.
Балаларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң имаратын оңлаў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын 1 миллиард 200 миллион сўмлық әмелий жәрдемлер көрсетти.
Медицина тараўын раўажландырыў, халықтыӊ саламатлығын беккемлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы «Эзгу Амал» жәмийетлик фонды тәрепинен 2020-жылдың декабрь айында Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына жәми баҳасы 55 мыӊ 162 АҚШ долларлық жаӊадан кислород станциясы алып келинип, усы кислород станциясын орнатыў ушын қосымша имарат қурыў ҳәм ески кислород бөлистириў имаратын реконструкциялаў зәрүрлиги пайда болды. Мине усы жумысларды әмелге асырыў, халыққа қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиўдиң нәтийжелилигин еледе күшейтиў ҳәм сапасын және де жақсылаў ушын 309 миллион 327 мыӊ сўм қаржы, Коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў илажлары шеңберинде қала ҳəм районларда шөлкемлестирилген емлеў орынларына кислород баллонларын өз ўақтында жеткерип беретуғын 2 дана «ИСУЗУ» маркалы автотранспорт алып берди.
Жоқарғы Кеӊес депутатлары тәрепинен қалалық ҳəм районлық медицина бирлеспелериниң материаллық-техникалық базасы үйренип шығылып, инвентаризациядан өткерилгенде жоқары технологиялы үскенелер ҳəм медициналық буйымларға болған мүтəжликлери анықланған Хожели, Кегейли, Төрткүл районлық медицина бирлеспелерине 3 миллиард сўмлық, Республикалық көп тармақлы медицина орайының урология бөлимин жоқары технологиялы медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў ушын 497 миллион 725 мыӊ сўмлық, Халыққа гематология ҳәм онкология хызметлерин көрсетиў системасын және де жетилистириў ушын 6 миллиард 709 миллион 500 мыӊ сўмлық, Қарақалпақстан медицина институты клиникасына суўды фильтрлеўши үскене орнатыў ҳәм зәрүр инвентарьлар менен тәмийинлеў ушын 850 миллион сўмлық қаржы ажыратыўда әмелий жәрдемлер көрсетти.
Улыўма билим бериў мектеплерин 2021/2022 оқыў жылына пуқта таярлаў, оларда қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў арқалы оқыўшылар ушын қолайлы шараятларды жаратыў мақсетинде 392 улыўма билим бериў мектеплерине жәми 40 миллиард 363 миллион 800 мыӊ сўмлық, Бозатаў районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 4-санлы улыўма билим бериў мектебинде оңлаў жумысларын алып барыў ушын қосымша талап етилетуғын 182 миллион сўмлық қаржы ажыратылды.
Жәнеде атап өтиў орынлы, майыплығы болған балалардың сапалы тәлим-тәрбия алыўы ҳǝм оларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Республикалық 10-санлы қәнигелестирилген мектеп-интернатына газ тармақларын жаңадан тартыў ушын 235 миллион 168 мыӊ сўм қаржы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы 4-санлы гереӊ ҳәм шала еситиўши балалар ушын қәнигелестирилген мектеп-интернаты ҳәм 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине 4 миллиард 416 миллион 456 мыӊ 400 сўм қаржы ажыратылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 6-октябрьдеги «Мәлимлеме технологиялары тараўында билимлендириў системасын және де жетилистириў, илимий изертлеўлерди раўажландырыў ҳәм оларды IT-индустрия менен интеграциялаў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектеби 2020-жылы информатика ҳәм мәлимлеме технологияларын тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген таяныш мектеби етип шөлкемлестирилген еди. Мине усы мектеп оқыўшыларының сапалы ҳәм заманагөй тәлим-тәрбия алыўы ушын оларға қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде 430 миллион 989 мыӊ 446 сўм қаржы ажыратып берди.
Нөкис қаласындағы Президент мектеби әтирапын абаданластырыў ҳәм зәрүрли инвентарьлар менен тәмийинлеў ушын 102 миллион 61 мыӊ 300 сўм қаржы ажыратып берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Беруний районы, «Дослық» пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 42-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын 260 миллион 62 мың сўм қаржы ажыратылды.
Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейиниң имаратында оңлаў ҳәм экспозициясын жаңалаў (реэкспозиция) жумысларын әмелге асырыў ушын 204 миллион сўм қаржы ажыратып берилди.
Қарақалпақ тилинен басқа тиллерде алып барылатуғын улыўма билим бериў мектеплериниң 2-класын «Қарақалпақ тили» сабақлығы менен тəмийинлеў мақсетинде «Қарақалпақ тили» сабақлығын баспадан шығарыў ушын 250 миллион 194 мыӊ, М.Нызановтың авторлығындағы «Қарақалпақлар» атамасындағы роман-эссениң екинши китабын өзбек тилинде 3000 данада баспадан шығарыў ушын 150 миллион сўм, Халық билимлендириў министрлигине қараслы улыўма орта билим бериў мектеплери ҳәмде қала районлардағы мәлимлеме ресурс орайларыныӊ китапхана фонды ушын 55 мыӊ дана қарақалпақ тилиндеги, 26 мыӊ 796 дана өзбек тилиндеги әдебий китапларды сатып алыў ушын 1 миллиард 424 миллион 300 мыӊ сўм қаржы ажыратылған болса, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниӊ отыз жыллық байрамын ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы кампаниясын кеӊнен жарытып барыўшы республикалық газета-журналлар «Еркин Қарақалпақстан» - «Вести Каракалпакстана», «Қорақалпоғистон тонги», «Қарақалпақ әдебияты», «Қарақалпақстан жаслары», «Жеткиншек» газеталары ҳәм «Әмиўдәрья» журналы редакцияларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде жәми 450 миллион сўм қаржы ажыратып берилди.
Улыўма билим бериў мектеплеринде интернет тармақларынан пайдаланғанлығы ушын 2021-жыл апрель айынан баслап пайда болған қарыздарлықларын төлеў ушын 860 миллион сўм қаржы төлеп берилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-апрельдеги «Бюджет процессинде пуқаралардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық қала ҳәм район ҳәкимликлериндеги «Пуқаралардың басламасы қоры» ушын Өзбекстан Республикасы республика бюджетиниң дәраматлар режесиниң артық орынланған бөлеги есабынан Қарақалпақстан Республикасы республика бюджетине қосымша дерек есабында өткерип берилген 29 миллиард 949 миллион сўм қаржы қала, районлардың жергиликли бюджетине өткерип берилип, кең жәмийетшилик пикири тийкарында илажларды қәлиплестириў ҳәмде халықтан келип түскен усыныслардан ең көп даўыс жыйнаған жойбарлар әмелге асырылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети