Кардиология орайында бийпул операциялар әмелге асырылмақта
2128
Ташкент қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы қәнигелери Нөкис қаласындағы Кардиология орайында отызға жақын операцияларды әмелге асырыў ушын келди.
Қәнигелер жүрек-қан тамыр кеселликлери бар болған наўқасларға жоқары технологиялық усыллар жәрдеминде тексериў, яғный коронароангиография – жүрек таж тәризли артерияларының тарайған бөлимлерин анықлаў, оларға стент орнатыў әмелиятларын орынламақта.
Бул әмелиятлар, тийкарынан «темир дәптер», «ҳаяллар дәптери»ндеги ҳәм кем тәмийинленген наўқасларға мәмлекет қәўендерлигинде бийпул әмелге асырылмақта. Наўқаслардың көпшилигине өткир миокард инфаркти тәсиринде тарайған тамырларға стент орнатыў әмелияты исленбекте.

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы қәнигелериниң және бир топары Шымбай районында наўқасларды медициналық көриктен өткерип, жоқары технологиялық қурамалы операцияларды әмелге асырмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети