Грант жеңимпазларына сертификатлар тапсырылды
1065
13-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик грантлар бойынша жәрияланған 8-таңлаўдың жеңимпазларына сертификатлар тапсырыў мәресими өткерилди.
Таӊлаўда жеӊимпаз болған Өзбекстан «Аграр тараў ҳаяллары» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими («Кеўилли Фермерлер» атамасындағы жойбары ушын), «Өзбекстан Чернобылшылар» ассоциациясыныӊ Қарақалпақстан бөлими («Бир қәдем» атамасындағы жойбары ушын) ҳәм «Шаңарақ» илимий, жәмийетлик, гуманитар ҳәм жаслар басламалары орайына («Жаңа Өзбекстан-жаңаша көзқарас» атамасындағы жойбары ушын) сертификатлар салтанатлы түде тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети