Қоӊырат районы ҳәкими тайынланды
4820
Бүгин, 20-январь күни халық депутатлары Қоӊырат районлық Кеӊесиниӊ гезексиз отыз сегизинши сессиясы болып өтти.
Сессияда шөлкемлестириў мәселеси қаралды.
Сессия күн тәртибине муўапық, Қоӊырат районыныӊ ҳәкими лаўазымына Мадаминов Бекзод Баходировичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қоӊырат районыныӊ ҳәкими лаўазымына Мадаминов Бекзод Баходирович тайынланды.
Сессияға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты.
Мағлыўмат ушын, Мадаминов Бекзод Баходирович мийнет жолы даўамында Ɵзбекстан Республикасы Финанс министрлигиниӊ Қарақалпақстан Республикасы бойынша ғазнашылық басқармасында сектор баслығы, Беруний районы бойынша ғазнашылық бѳлими баслығы, Беруний районы ҳәкиминиӊ инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға кѳмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары ҳәм де туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары сыяқлы бир қатар жуўапкерли лаўазымларда жумыс ислеген.
Ол бүгинги күнге шекем Мәмлекетлик активлерин басқарыў агентлигиниӊ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы болып ислеп келди.
Еслетип өтемиз, усы күнге шекем Қоӊырат районы ҳәкими лаўазымында Қ.Халмуратов ислеп келген еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети