Абдикерим Мамбеткаримов
2697
Усы жылдың 27-январь күни Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери, «Дўстлик» ордениниң ийеси Абдикерим Мамбеткаримов 79 жасында қайтыс болды.
А.Мамбеткаримов 1943-жылы Кегейли районында туўылды. 1966-жылы Ташкент мәмлекетлик медициналық институтын тамамлап, педиатр-шыпакер қәнигелигине ийе болды ҳәмде өзиниң мийнет жолын Кегейли районы «Абат» аўыллық емлеўханасында бас шыпакер болып ислеўден баслады.
Ол 1973-1976-жыллары Кегейли районы орайлық емлеўханасы бас шыпакериниң орынбасары, 1976-1981-жыллары Нөкис районы орайлық емлеўханасының бас шыпакери лаўазымларында нәтийжели мийнет етти.
А.Мамбеткаримов 1981-1984-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри лаўазымында жумыс алып барып, тараўдың ҳәр тәреплеме раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты.
1984-1987-жыллары Нөкис қалалық денсаўлықты сақлаў бөлиминиң баслығы, 1987-1990-жыллары Республикалық балалар туберкулез кеселликлери санаториясының шыпакер-ординаторы,
1990-2014-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Балалар республикалық медициналық реабилитация орайының бас шыпакери лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.
2014-жылдан өмириниң ақырына дейин Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясының Қарақалпақстан бөлимин басқарып келди.
А.Мамбеткаримов мийнет жолы даўамында денсаўлықты сақлаў тараўының ҳақыйқый пидайысы сыпатында медициналық мәкемелердиң материаллық-техникалық базасын беккемлеўге, кадрлар потенциалын арттырыўға өзиниң салмақлы үлесин қосты.
Ол қайсы лаўазымда ислесе де өзин мийнетсүйгиш, кишипейил, медицина тараўының алдынғы жетискенликлерин пуқта өзлестирген инсан, тәжирийбели устаз, истиң көзин билетуғын шебер шөлкемлестириўши басшы сыпатында таныта билди ҳәм кең жәмийетшилик арасында үлкен ҳүрмет-абырайға еристи.
Оның медицина тараўын раўажландырыўдағы көп жыллық жемисли мийнетлери жоқары баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген денсаўлықты сақлаў хызметкери ҳүрметли атағы, «Дўстлик» ордени ҳәмде бир қатар естелик белгилери менен сыйлықланды.
Халқымыз ийгилиги ушын аянбай хызмет еткен қәдирли инсан, тәжирийбели устаз, шебер шөлкемлестириўши, жетик шыпакер Абдикерим Мамбеткаримовтың жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.
М.Камалов, Қ.Сариев, А.Давлетов, Д.Қурбаниязов, Т.Абдижаббаров, М.Қурбанов, У.Панаев