Аманияз Жүзимбетов
2245
Усы жылдың 27-январь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Меҳнат фаҳрийси» медалы ҳәм «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси, мәдениятымыз бенен көркем өнеримиздиӊ ҳақыйқый жанкүйери, белгили көркем өнертаныўшы, тәжирийбели устаз Аманияз Жүзимбетов 90 жасында қайтыс болды.
А.Жүзимбетов 1932-жылы Кегейли районында туўылды. 1955-жылы Ташкент мәмлекетлик театр ҳәм сүўретшилик институтын тамамлап, өзиниң дәслепки мийнет жолын Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында актёр болып ислеўден баслады.
Ол 1957-1960-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң көркем өнер бөлими баслығы, 1960-1964-жыллары Нөкис мәмлекетлик музыка ҳәм хореография училищесиниң, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик филармониясыныӊ директоры лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барды.
Буннан соңғы жыллары Республикалық муғаллимлердиң билимин жетилистириў институтында методист, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде көркем өнер секторында илимий хызметкер, Нөкис мәмлекетлик музыка ҳам хореография училищесинде оқытыўшы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрында әдебий бөлим баслығы, директор орынбасары, Өзбекстан театр аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң жуўаплы хаткери лаўазымларында жумыс алып барып, тараўдыӊ ҳәр тәреплеме раўажланыўына салмақлы үлес қосты.
1985-1986-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театры директоры, 1986-1987-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниӊ бөлим баслығы, 1987-1989-жыллары «Қарақалпақфильм» киностудиясында аға редактор, 1989-2002-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигинде бас қәниге, бөлим баслығы лаўазымларында иследи.
А.Жүзимбетов пүткил саналы өмири даўамында көркем өнеримизди раўажландырыўға ҳәм оны кеӊнен үгит-нәсиятлаўға, маман кадрларды таярлаўға, талантлы жасларды тәрбиялаўға ҳәм оларды қоллап-қуўатлаўға, республика көлеминдеги мәдений илажларды шөлкемлестириўге өзиниң салмақлы үлесин қосты.
Ол қай жерде, қандай лаўазымда ислесе де өзин мийнетсүйгиш, кишипейил, мәденият ҳәм көркем өнер тараўыныӊ ҳақыйқый жанкүйери, тәжирийбели устаз сыпатында таныта билди ҳәм кең жәмийетшилик арасында үлкен ҳүрмет-абырайға еристи.
Оныӊ миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримиз тарийхы, оның раўажланыў басқышларын терең изертлеп, республикалық газета-журналларда жәрияланған 200 ге шамалас көлемли мақалалары, елимизге белгили көркем өнер ғайраткерлериниӊ өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған көплеген қунлы дөретпелери, бир қатар ҳүжжетли фильмлери еле узақ жыллар даўамында мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди үйрениўде әҳмийетли дерек болып хызмет етеди.
Оныӊ халқымыз ийгилиги жолындағы көп жыллық мийнетлери ылайықлы баҳаланып, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери ҳүрметли атағы, «Меҳнат фахрийси» медалы ҳәм «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықланды.
Миллий мәдениятымыз бенен көркем өнеримизди раўажландырыў жолында аянбай мийнет еткен қәдирли инсан, белгили көркем өнертаныўшы, әдиўли устаз Аманияз Жүзимбетовтыӊ жарқын естелиги халқымыздың ядында узақ сақланып қалады.
М.Камалов, Қ.Сариев, А.Давлетов, Д.Қурбаниязов, Т.Абдижаббаров, Қ.Турдиев, У.Панаев