Жоқарғы Кеӊес комитетиниӊ қоспа мәжлиси
1073
Кегейли районы ҳәкимлигинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитети ҳәм де халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги суд-хуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери бойынша турақлы комиссиясының қоспа мәжилиси болып өтти.
Қоспа мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ комитет баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң хаткери З.Реймова ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилисте ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жынаятшылыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслары ҳаққында Кегейли районлық ишки ислер бөлиминиӊ мәлимлемеси тыӊланды. Соныӊ менен бирге, мәмлекетлик уйымлар, мекеме ҳәм кәрханаларда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша өткерилген аноним сораўнамалардыӊ нәтийжелери додаланды.




Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниӊ депутатлары, Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.




Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниӊ депутатлары, Коррупцияға қарсы гүресиў аймақлық кеңесиниң ағзалары ҳәм тийисли тараў ўәкиллери қатнасты.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети