Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның мәжилиси болып өтти
1123
18-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы, Жоқарғы Кеңеси жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм басқарып барды.
Мәжилис күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳǝм пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жǝмийетлик фондын 2021-жыл жуўмағы бойынша финанс-хожалық хызметин сыртқы аудиторлық тексериўден өткериў, мәмлекетлик грант ажыратыў бойынша биринши таңлаўға әҳмийетли бағдарларды белгилеп алыў, жуўмақланған жойбарлар бойынша жумсалған грант қаржыларының жуўмақлаўшы мониторингин ҳәм қадағалаўын өткериў мәселелери қарап шығылды.
Жоқарғы Кеңес жанындағы жәмийетлик фондқа 2021-жыл ушын жергиликли бюджет қаржылары есабынан мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ушын жәми 1 миллиард сўмнан артық қаржы ажыратылып, жәми 8 таңлаў өткерилген. Өткерилген таӊлаўларда 18 жойбар жеңимпаз деп табылған болса, соннан 17 жойбар мәмлекетлик грант жойбарлары, 1 жойбар социаллық буйыртпа болып табылады.
Күн тәртибиндеги қаралған мәселелер бойынша жәмийетлик комиссия ағзалары өзлериниӊ пикир-усынысларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети