«Жасыл мәкан» жойбары шеӊберинде акция шөлкемлестирилди
1324
2021-жылдыӊ 2-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшлығында өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз баслама көтерип, «Жасыл мәкан» жойбарын әмелге асырыўды усыныс еткен еди.
Усы баслама тийкарында республикамыз бойлап өткерилген акцияда қала ҳәм районлардағы мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер, пуқаралар менен жаслар белсене қатнасып, ана тәбиятымызды қорғаў, жасап турған аймағымызды абаданластырыўдай ийгиликли жумысларға өз үлеслерин қосты.

Акция шеңберинде Нөкис қаласы ҳәм барлық район аймағында ҳәр қыйлы мийўе ҳәм декоратив нәллери отырғызылып, көшелер абаданластырылды.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў орынлы «Жасыл мәкан» жойбары шеӊберинде республикамыз бойлап, жәми 8 миллионнан аслам ҳәр түрли мийўе ҳәм декоратив нәллер егиў режелестирилген болса, бүгинги болып өткен бир күнлик илаж шеӊберинде 300 мыӊнан аслам ҳәр түрли мийўе ҳәм декоратив нәллер егилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети