Шавкат Мирзиёев Арал теңизиниң қурыған түбине барды
1361
Президент Шавкат Мирзиёев Арал теңизиниң қурыған жерине барып, жағдайды көрди.
Қарақалпақстан халқы турмысы, улыўма, үлкен региондағы экология усы машқалаға байланыслы. Бир ўақытлары теңиз ҳәм оған тутас дәрьялар, жайлаўлар адамларға ырысқы уласқан, жумыс, дәрамат дәреги болған. Лекин тәбият нызамларына араласыў, Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрья суўын бөгетлеў дүньядағы аўыр экологиялық жағдайлардан бирин жүзеге келтирди. Регионымызда шөлге айланыў ҳәм шорланыў дәрежеси кескин артты. Өсимлик ҳәм жабайы ҳайўанлар түри азайып кетти.
Глобал ысыў машқаласы күшейип, жаўын-шашын азаяып баратырған бүгинги әсиримизде Арал теңизин қутқарыў барған сайын имкансыз болып бармақта. Бундай шараятта бирден-бир жол - барын сақлап қалыў, апатшылық тәсирин кемейтиў, адамлар турмысын жеӊиллестириў.
Елимиз басшысы бул бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас Ассамблеясы сессияларында шығып сөйледи, халықаралық саммитлерде әҳмийетли усынысларды алға сүрди. Соның менен бирге, имканиятларымызға сүйене отырып, әмелий жумыслар да алып барылмақта.
Атап айтқанда, Арал теңизиниң қурыған түбинен миллионлап тонна шаң ҳәм зыянлы дузлар көтерилип, үлкен аймаққа тарқалар еди. Шавкат Мирзиёев 2018-жылы Мойнаққа сапары даўамында илимпазлар менен мәсләҳәтлесип, ол жерде шорға шыдамлы өсимликлер егиў ўазыйпасын белгилеген еди.
Елимиз басшысына бул бағдарда әмелге асырылған жумыслар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Өткен жылларда теңиздиң суўы қурыған бөлегинде 1 миллион 524 мың гектар тоғайлықлар жаратылған. Буның ушын сексеўил, қарабарақ, қандым, черкез сыяқлы шөл өсимликлеринен дерлик 6 мың тонна туқым таярланып, қыйын шараятларда егилген. Бул жумысларда 4 мыңнан зыят жумысшы қатнасып, 1 мың 600 дана техника, самолётлар қамтылған.
Бул ийгиликли, әҳмийетли ҳәрекет даўам еттирилмекте. Быйылғы жылда 100 мың гектар майданда “жасыл қаплама” пайда етиў режелестирилген. Бүгинги күнде соннан 26 мың гектарында жумыс басланған, 562 тонна туқымлар таярланған. Соның менен бирге, 100 гектар майданда нәлхана шөлкемлестирилмекте.
Президентимиз бул жерде эколог ҳәм тоғай хожалығы қәнигелери менен сәўбетлести.
- Биз бул қурамалы шараятта егиў бойынша үлкен тәжирийбе арттырдық. Бул жерге өзим келиўимнен мақсет - енди бул жумысларды илимий тийкарланған тәризде даўам еттиремиз,- деди Шавкат Мирзиёев.
Илимий изертлеўлер алып барып, аймақ топырағына бейимлескен түрлер жаратыў, кейинги басқышта шарўашылықты раўажландырыў бойынша көрсетпелер берди.
Аралбойыныӊ флора ҳәм фаунасын жақсылаў бойынша 5 жыллық миллий бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.