Мәмлекет басшысы Шоманайдағы экономикалық жойбарлар менен танысты
1595
Президент Шавкат Мирзиёев Шоманай районындағы “Шоманай экотекс” кәрханасыныӊ жумысы менен танысты.
2020-жылда иске түсирилген бул кәрхана 7 мың тоннадан зыят жип таярлаў қуўатлылығына ийе. Өткен жылы 51 миллиард сўмлық өним ислеп шығарылып, дерлик 5 миллион долларлық экспорт етилген.
Усы ўақытқа шекем аймақтағы ең үлкен машқала жумыссызлық еди. Бул кәрхана халықты, әсиресе, ҳаял-қызларды турақлы жумыс пенен тәмийинлеўде әҳмийетли болды. Бул жерде 500 жумыс орны шөлкемлестирилген.
Елимиз басшысы ислеп шығарыў процеси ҳәм өнимлер менен танысып, жумысшылар менен сәўбетлести. Тийисли тараў басшыларына кәрханада пахтаны қайта ислеўдиң кейинги басқышларын өзлестириў бойынша көрсетпе берилди.
- Бул мақул. Лекин районда жумыссызлар болмаўы ушын бундай кәрханалар үшеў-төртеў болыўы керек. Санааттың басқа бағдарларында да жойбарлар табыў зәрүр,- деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде райондағы “Баҳром Илғор Кластер” жуўапкерлиги шекленген жәмийети ҳаққында мағлыўмат берилди. Кластердиң 743 гектар жери лазер арқалы тегисленген. Соннан 100 гектарында жаўынлатып суўғарыў технологиясы енгизилген.
- Халыққа дәрамат дәрегин жаратыў, жалпы ислеп шығарыўды көбейтиўге ҳәрекет етип атырмыз. Буның ушын не керек? Әўели, суў керек. Қарақалпақстанда суў ҳәм жер есабы әҳмийетли. Егер пуқталық пенен үнемлеп пайдаланылса, суў жетеди. Бул ушын аўыл хожалығы мәдениятын арттырыў, инновциялық технологияларды енгизиў керек,- деди Президент.
Шоманай районына бириктирилген Хорезм ўәлаяты исбилерменлериниң инвестиция жойбарлары презентациясы да өткерилди.