Өзбекстан Республикасы Президенти мәмлекет сапары менен Пакистанға барады
2028
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пакистан Бас министри Имрон Хонныӊ усынысына муўапық 3-4-март күнлери мәмлекет сапары менен усы мәмлекетте болады.
Болажақ жоқары дәрежедеги келисимлер күн тәртибинде Өзбекстан-Пакистан стратегиялық шериклик ҳәм көп қырлы бирге ислесиў мүнәсибетлерин еле де раўажландырыў мәселелери орын алған.
Еӊ алды менен, саўда, инвестициялар, санаат кооперациясы, транспорт, логистика, инфраструктура ҳәм туризм тараўларында әмелий бирге ислесиў бойынша қоспа жойбарларды әмелге асырыўға, мәдений-гуманитар алмасыў бағдарламаларын кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылады. Халықаралық ҳәм регионлық күн тәртиби бойынша пикир алмасылады.
Саммит жуўмағында қоспа декларация ҳәм қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерди қабыл етиў режелестирилген.
Сапар бағдарламасына муўапық, мәмлекетимиз басшысы Пакистан Президенти Ориф Алвий, усы мәмлекеттиӊ мәкемлери ҳәм жетекши компанияларыныӊ басшылары менен ушрасыўыда нәзерде тутылмақта.