Комитет мәжилиси болып өтти
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниӊ мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Жоқарғы Кеӊес комитет баслығы З.Реймова кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Мәжилис күн тәртибинде «Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын додалаў ҳәм Жоқарғы Кеӊес Президиумына усыныў, сондай-ақ Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судыныӊ «Нөкис қаласы ҳәм район ҳәкимлери тәрепинен қабыл етилген қарарлары ҳаққында»ғы усынысы бойынша парламентлик сораўын Жоқарғы Кеӊестиӊ гезектеги сессиясына алып шығыў мәселеси қаралды.
Мәжилиске Жоқарғы Кеӊестиӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетине ағза депутатлар, тийисли мәкеме басшылары қатнасты.


Мәжилисте өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилиўи режелестирилген Қарақалпақстан Республикасыныӊ 12 нызамы додаланып, мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларыныӊ пикир ҳәм усыныслары тыӊланды.

Соныӊ менен бирге, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судыныӊ усынысы бойынша ҳәкимликлер тәрепинен қабыл етилген қарарларда жол қойылған қәте кемшиликлер, суд қарарларын мүддетинде орынламай киятырған жағдайлар сын көз қарастан додаланып, ўәкилликли уйымларға парламентлик сораўын жоллаў ҳаққындағы комитеттиӊ шешими қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети