8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен бир қатар ҳаял-қызлар сыйлықланды
2106
2022-жыл 5-март күни Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық Қарақалпақстан Республикасынан бир қатар ҳаял-қызлар сыйлықланды.«Меҳнат шуҳрати» ордени менен
Аитбаева Рузибика Аматовна – Беруний районындағы «Бостан» мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслығы«Дўстлик» ордени менен
Аннамуратова Мухаббат Шермановна – Беруний районындағы «Беруний агро пиллеси» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы«Соғлом турмуш» медалы менен
Жақсымуратова Айсултан Жумамбетовна – Қанлыкөл районындағы 19-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниӊ қосықшылық бөлими оқытыўшысы Сапарова Раъно Джангабаевна – Қараөзек районлық медицина бирлеспесиниӊ тез медициналық жәрдем бөлими үлкен мийирбийкеси«Содиқ хизматлари учун» медалы менен
Жамалова Бәҳәргүл Оралбаевна – Мойнақ районы мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ ҳаял-қызлардыӊ социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў бойынша биринши орынбасары«Шуҳрат» медалы менен
Балтабаева Нурсулыў Көшкинбаевна - Нөкис қаласындағы Президент мектебиниӊ атқарыўшы директоры Давлетярова Зулфия Жапаковна - Қоӊырат районындағы «Диёр маркет Кунград» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы Дәўлетназарова Рая Қурбанбаевна - «Uz-Kor Gas Chemical» қоспа кәрханасыныӊ цех инженер-метрологи