Мойнақ районы ҳәкими тайынланды
1887
Бүгин, 7-март күни халық депутатлары Мойнақ районлық Кеӊесиниӊ гезексиз қырық биринши сессиясы болып өтти. Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, әсиресе халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм бүгинги күнде район ҳәкими болып ислеп атырған Е.Еденбаевтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы район ҳәкими лаўазымына усы күнге дейин районның «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйынында ҳәкимниӊ мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген Менглибеков Бахтыяр Бекмурзаевичтиң кандидатурасын усынды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

Сессияда Менглибеков Бахтыяр Бекмурзаевич Мойнақ районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.
Мағлыўмат ушын, Менглибеков Бахтыяр Бекмурзаевич өткен жыллар ишинде Мойнақ районындағы «Әмиўдәрья» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң хызметкери, район ҳәкимлигинде қәниге, шөлкемлестириў-қадағаллаў топарыныӊ баслығы, район ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм мәнәўий-мәрифий ислери бойынша орынбасары, «Мәдели» аўыл пуқаралар жыйынында ҳәкимниӊ мәҳәлледе исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша жәрдемшиси сыяқлы лаўазымларда жумыс алып барған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети