Бозатаў районы ҳәкими тайынланды
4525
Усы жылдыӊ 7-март күни халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң гезексиз қырық бесинши сессиясы болып өтти.
Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.
Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессия күн тәртибинде район халқыныӊ турмыс шараятын жақсылаў, районда шарўашылықты раўажландырыў, бул бағдарда жумыс алып барып атырған исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыў, жәрдемге мүтәж шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сессияда бүгинги күнде район ҳәкими болып ислеп атырған М.Қайпановтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы район ҳәкими лаўазымына Алланиязов Камал Аманбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.
Сессияда Алланиязов Камал Аманбаевич Бозатаў районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.
Өз гезегинде К.Алланиязов өзине билдирилген исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.
Усыныӊ менен халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң гезексиз қырық бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Мағлыўмат ушын, Алланиязов Камал Аманбаевич усы күнге шекем Кегейли районы бойынша ғазнашылық бөлими баслығы, «Қарақалпақаўылхожалықхимия» акционерлик жәмийетиниң Кегейли районы филиалы директоры, «Еркиндәрья» ширкет хожалығының баслығы, Кегейли районы ҳәкиминиң орынбасары, «Еркиндәрья шарўа» шарўашылық ҳәм дийханшылыққа қәнигелестирилген жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы ҳәм тағы басқа да лаўазымларда нәтийжели жумыс алып барған.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети