Ҳаял-қызлар байрамы болып өтти
2074
7-март күни Нөкис қаласында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди. Онда республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан келген нураный аналар, жәмийетлик турмыста белсендилик көрсетип, пидайы мийнет етип атырған ҳаял-қызлар, түрли министрлик ҳәм мәкемелер ўәкиллери қатнасты.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов қатнасып, республикамыз ҳаял-қызларын гөззаллық, ояныў ҳәм жасарыў әййямы болған 8-март – Халықаралық Ҳаял-қызлар байрамы менен қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеўге, жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әсиресе, соңғы жылларда елимизде гендер теӊлик мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Сондай-ақ, «Ҳаяллар даптери» жолға қойылды, талантлы қызларымыз ушын ҳәр қыйлы сыйлықлар, исбилермен ҳаял-қызларымыз ушын жеӊиллетилген кредитлер, қызларымыз ушын жоқары оқыў орынларында қосымша квоталар берилмекте.
Усы орында соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, усы жылдыӊ 1-март күни Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен өткерилген видеоселектор мәжилисинде, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша жаӊа ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул ўазыйпалар әлбетте, Жаӊа Өзбекстанды, соныӊ ишинде Жаӊа Қарақалпақстанды қурыўда ҳаял-қызларымыздыӊ ролин еле де арттырады.
8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң арнаўлы пәрман ҳәм қарарына муўапық өзиниң нәтийжели мийнети, бай әмелий тәжирийбеси менен елимизде алып барылып атырған түпкиликли реформалар процесинде белсене қатнасып, Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздыӊ абаданлығын тәмийинлеў жолында баслама ҳәм ибрат көрсетип киятырған ҳаял-қызларымыз орден, медаль ҳәм мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.
Салтанатлы илаж даўамында байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы қарары тийкарында түрли тараўларда жемисли мийнет етип киятырған, шаңарақлардыӊ татыўлығын тәмийинлеў, перзентлеримизди ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолында пидәкерлиги ушын бир топар ҳаял-қызларымызға көкирек белгилери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Сыйлықланғанлар атынан сөзге шыққанлар ҳаял-қызларға қаратылып атырған үлкен меҳир ҳәм айрықша итибар ушын Ҳүрметли Президентимизге, республикамыз басшысына өз миннетдаршылығын билдирди.

Илаж көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Бундай илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларында болып өтпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети