“Социаллық қалаша” пайдаланыўға тапсырылды
1131
Соӊғы жыллары елимизде Ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў бағдарында бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Буныӊ және бир айқын мысалын бүгин Хожели районындағы барлық қолайлы шараятларға ийе болған “Социаллық қалаша”ныӊ пайдаланыўға тапсырылыўында көриўимиз мүмкин.
Қалашаныӊ ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы Мурат Камалов қатнасып, жыйналғанларды “Социаллық қалаша”ныӊ ашылыўы менен қызғын қутлықлады.

Пайдаланыўға тапсырылып атырған имаратта өткен қысқа ўақыт ишинде 8 млрд. сўмлық реконструкция жумыслары алып барылып, қалашада текстиль оқыў орайы, балалар бақшасы, теплица, китапхана, дәрихана,компьютер орайы, спорт зал, шаштәрезхана, устахана ҳәм басқа да бир қатар хызмет көрсетиў шахабшалары жумыс алып бармақта.

Бул қалашада 124 квартира ийелери ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.
Усы орында соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиздиӊ 2017-жыл 20-21-январь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында усы орында жайласқан “Ҳаяллар мүриўбет үйи”нде болды ҳәм бул жерде жаратылған шараятларды еле де жақсылаў бойынша көрсетпе ҳәм усыныслар берген еди. Елимиз басшысыныӊ усыныслары тийкарында “Ҳаяллар мүриўбет” үйи Нөкис қаласына көширилди. Бул мәнзил болса “Социаллық қалаша”ға айландырылды.
Қалашада тийкарынан, майыплығы болған, социаллық қорғаўға мүтәж ҳаял-қызлар, жас өспирим майыплығы болған перзентин тәрбиялап атырған шаңарақларға турақ жайлар берилген.
Бундағы тийкарғы мақсет шаңарақларға тек ғана турақ жай берип қоймастан, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў болып табылады. Сонлықтан бул жерде ҳәр бир шаңараққа өз алдына теплица ажыратып берилген.

Соның менен бирге, тигиў цехыда болып, шаңарақ ағзалары сол жерде де жумыс ислеў имканияты жаратылған. Буннан тысқары, кондитер өнимлерин писириў, шаштәрезлик ҳәм тағы басқа да курслар шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети