Депутатлар арасында «Әҳмийетли 10 күн» жойбары басланды
1339
Усы жылдыӊ 9-19-март күнлери аралағында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутатлары, халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеӊеси депутатлары арасында «Әҳмийетли 10 күн» жойбары шөлкемлестирилди.
Жойбар шеӊберинде депутатлар сиясий партия басшылары менен келисилген график тийкарында өзлери сайланған аймақларда халық депутатлары қала ҳәм районлық Кеӊес депутатлары ҳәм де өз сайлаўшылары менен ушырасыўлар өткермекте.

Ушырасыўларда Президентимиздиӊ 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаӊа Өзбекстанды раўажландырыў стратегиясы ҳаққында»ғы Пәрманыныӊ мазмун-мәнисин ҳәм әҳмийетин, сондай-ақ усы жылдыӊ 23-24-февраль күнлери Президент Шавкат Мирзиёевтыӊ республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша белгилеп берген бир қатар әҳмийетли ўазыпалары ҳаққында халыққа түсиник жумысларын алып бармақта. Соныӊ менен бир қатарда, депутатлар сайлаўшыларға өзлериниӊ бүгинги күнге шекем әмелге асырған жумысларыныӊ есабатын берип, аймақлардағы абаданластырыў көклемзарластырыў жумысларына өз үлеслерин қоспақта.

Жойбар даўамында сайлаўшылардыӊ мүрәжатлары тыӊланып, майыплығы болған пуқаралардыӊ, нураныйлардыӊ, бағыўшысын жоғалтқан, кем тәмийинленген шаӊарақлардан хабар алынбақта.