«Әҳмийетли 10 күнлик» шеӊберинде ушырасыў болып өтти
1478
Бүгин Тахтакөпир, Қараөзек, Шымбай районларында депутатлар жумысыныӊ «Әҳмийетли он күнлиги»н шөлкемлескенлик пенен өткериў сондай-ақ, усы жойбар шеӊберинде өткерилетуғын илажларды әмелге асырыў бойыша ушырасыўлар болып өтти.

Ушырасыўларға Жоқарғы Кеңес депутатлары, халық депутатлары районлық Кеңес депутатлары ҳәм сиясий партиялардың районлық бөлимлери баслықлары қатнасты.
Бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиз басшылығында «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың абаданлығын буннан былай да арттырыў, исбилерменликти жедел раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў ҳәм пуқаралық жәмийетти қәлиплестириўге қаратылған кеӊ көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Ушырасыўларда Президентимиз тәрепинен әмелге асырылып атыған кеӊ көлемли жумыслардыӊ мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетине кеӊ түрде тоқтап өтилди.
Сондай-ақ, сайлаўшылардан келип түскен усыныс пикирлерди, мүрәжаларды үйрениўде, аймақларды абаданластырыўда, үй қапталы қыйтақ жерлеринен үнемли пайдаланыўда, ҳәр бир пуқаралар жыйынында жаӊадан енгизилген ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм белсенди ҳаял қызлар менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўда депутатлардыӊ белсендилик көрестиўи тийис екенлиги атап өтилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, депутат Д.Қурбаниязов қатнасты.