Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлериниӊ телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти
2071
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-март күни Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлести.
Мәмлекет басшылары еки тәреплеме мүнәсибетлер күн тәртиби ҳәм Орайлық Азияда регионлық бирге ислесиўдиӊ әҳмийетли мәселелерин додалады.
Жәҳән экономикасындағы кризисли ҳәдийселердиң кери ақыбетлерин кемейтиў мақсетинде жақыннан бирге ислесиўди даўам еттириў ҳәм ис-ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыўға айрықша итибар қаратылды.
Еки тәреплеме саўда көлеминиң өсиў пәтин тәмийинлеў, санаат, энергетика, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм тоқымашылық тармақлары, транспорт ҳәм логистика тараўларында ири кооперация жойбарларын әмелге асырыўды жеделлестириў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, соның менен бирге, материаллық-гуманитар алмасыў бағдарламасы шеңбериндеги қоспа илажларды белсене өткериў зәрүрлиги атап өтилди.
Сөйлесиў жуўмағында мәмлекет басшылары жақынласып киятырған бәҳәрий әйям – Наўрыз мүнәсибети менен бир-бирин шын жүректен қутлықлап, бирадар халықларымызға тынышлық-татыўлық, пәраўанлық ҳәм раўажланыў тиледи.
Сәўбет ашық ҳәм дослық руўхында өтти.