Шыпакерлердиң мийнет ҳақысы артады
917
Быйыл бюджет шөлкемлери қатарында медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысын да кеминде 10 процентке арттырыў режелестирилген.
Оған қосымша түрде, тараў ўәкиллериниң машақатлы мийнетин және де хошаметлеў мақсетинде, усы жылы 1-июньнен:
– медицина хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы маманлық категориясына қарап, және 15 процентке шекем арттырылады;
жоқары технологиялық қыйын операцияларды орынлаған шыпакерлерге болса және 25 процент муғдарында үстеме төленеди;
Медицина хызметкерлерин хошаметлеў қорына жылына 1,5 триллион сум ажыратылады.
Усы қаржылардың есабынан:
-айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ҳәм ҳүжданлы ислеп атырған шыпакер ҳәм мийирбийкелерге 100 процентке шекем үстемелер де белгиленеди;
– жаңадан жумыс баслаған пидайы жас шыпакерлерге 1 миллион сумға шекем арнаўлы айлық үстеме төлеў тәртиби енгизиледи.
Басқаша айтқанда, ҳәзирги күнде жоқары категориялы шыпакер 4 миллион сум мийнет ҳақы алса, енди мийнет ҳақысының артыўы ҳәм жаңа үстемелер есабынан, 8-9 миллион сумға шекемги мийнет ҳақы алыўы мүмкин болады.
Мийирбийкелер болса ҳәзирги 1,5 миллион сум орнына, категориясы ҳәм ерискен нәтийжелерине қарап, 3-4 миллион сумға шекем айлық мийнет ҳақы алыўы мүмкин.
– Усы күнлерге келемиз, деп айтқан едим! Муғаллимлер ҳәм шыпакерлердиң мийнет ҳақысы 1000 долларға жетеди деп, әсте-әсте соған жақынласып атырмыз,-деди Шавкат Мирзиёев.
Қарақалпақстан хабар агентлиги