«Халқ саломатлиги посбони» көкирек белгиси шөлкемлестириледи
819
Унамлы нәтийжеге ерискен медицина хызметкерлери ҳәр шеректе хошаметленеди ҳәм өз мәҳәллесинде саламат турмыс тәризин күни-түни үгит-нәсиятлаған, бул бағдарда жеке үлги болған медицина хызметкерлери ҳәм жәмийетлик ўәкиллер ушын, өз алдына «Халқ саломатлиги посбони» көкирек белгиси шөлкемлестириледи.
Бул ҳаққында мәмлекетимиз басшысы денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен өткерилип атырған ашықтан-ашық сәўбетте атап өтти.
Халықты саламат турмыс тәризине үйретиў, саламат аўқатланыўды түсиндириў, белсенди турмыс тәризине шақырыў зәрүр екенлиги айтылды.
– Мийирбийкелердиң жумысы тек ғана «давление» өлшеўден ибарат емес-ғо, – деди Шавкат Мирзиёев. – Ағажан, апажан деп, оларға жақсы сөз бенен түсиндириў керек. Адам саламат болмаса, оған жумыс та, материаллық байлықлар да, турмыс қуўанышлары да, татымайды.
Сондай-ақ, кеселликлер профилактикасына айрықша итибар қаратыў керек екени атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги