Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясы ҳаққында мәлимлеме
1896
19-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясы болып өтти.
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкимети ағзалары, секторлардың ҳәм тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасты.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.
Сессия күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша «Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери бойынша комитети баслығы Д.Утамбетов баянат жасады.
«Тоғай ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының әмелдеги Нызамы буннан 22 жыл алдын яғный 1999-жыл 28-августта қабыл етилген. Усы Нызам қабыл етилген ўақыттан берли өткен дәўир ишинде, мәмлекетимизде демократиялық реформалар тереңлестирилип, экономиканы либералластырыў бойынша мақсетли сиясат алып барылды. Нәтийжеде барлық тараўларда түп-тийкарынан унамлы өзгерислер жүз берди.
Бундай жағдайларда әмелдеги Нызамда түрли бослықлардыӊ, ҳуқықый қағыйдалардыӊ, айрым нормалардың тараў менен байланыслы басқа да нызам ҳүжжетлердиӊ нормалары өз-ара қайшы келиўи бир қатар ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде көп ғана машқалаларды келтирип шығармақта.
Сонлықтан әмелдеги нызамның 40 статьясына өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў, 15 статьяға жаңадан қосымша нормаларды киритиў ҳәмде жаңадан 22 статья киритиў усыныс етилди.
Әмелдеги Нызамның нормаларына киритилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшалар, жаңа статьялар менен толтырылыўы мәмлекетлик тоғай қоры, ондағы флора ҳәм фаунаны қорғаў, сондай-ақ, тоғайлардан нәтийжели пайдаланыўдың нызамлы тийкарларын және де беккемлеўге, нызамды қолланыў нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.
Нызам жойбары бойынша 35-санлы “Қыпшақ” сайлаў округинен Жоқарғы Кеңес депутаты Я.Ешмуратов сөзге шықты.
Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.
Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳəм коррупцияға қарсы гүресиў мəселелери бойынша комитети баслығы З.Реймова баянат жасады.
Баянатта атап өтилгениндей ҳәрекеттеги Нызам 6 бөлим 21 статьядан ибарат болса, ислеп шығылған жаңа редакциядағы Нызам жойбары 11 бап ҳәм 52 статьядан ибарат болып, бул Нызамның қабыл етилиўи арқалы төмендеги нәтийжелерге ерисиледи.
Яғный, Министрлер Кеӊеси жумысын шөлкемлестириўдиӊ сапасы жағынан жаңа, нәтийжели усыллар ҳәм заманагөй механизмлер енгизиледи.
Ҳүкимет ағзаларының мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў ҳәм өзлерине бириктирилген тараўларда анық нәтийжелерге ерисиў ушын жеке жуўапкершилиги асырылады.
Министрлер Кеӊесиниӊ тармақ ҳәм тараўлардағы ўәкилликлери анық белгилеп берилген ҳалда оның бул тараўларды раўажландырыў бойынша жуўапкершилиги күшейттириледи.
Тараўға тийисли ҳуқықты қоллаў әмелиятының анық ҳәм бирдей болыўы тәмийинлениўине ерисиледи.
Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри Сайлаўбай Мамбеткадыров сөзге шықты.

Сондай-ақ, сессияда Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен 2021-жылдың екинши ярымында әмелге асырылған жумыслары ҳаққында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының есабаты тыӊланды.
Бул мәселе бойынша Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы И.Арзиев сөзге шықты.
Онда атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарар талапларын орынлаў мақсетинде 2021-жылдың екинши ярымында Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, ҳәм оныӊ қала, район бөлимлери тәрепинен ис жүритиўдеги салық қарыздарлығын өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 443 млрд. 385 млн. сўм, жынаят нәтийжесинде мәмлекетке жеткизилген зыянларды өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 865,6 млн. сўм, мәмлекетлик бажы өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 14 млрд. 268,8 млн. сўм ҳәм ҳәкимшилик жәриймаларды өндириў менен байланыслы орынлаў ҳүжжетлери бойынша 4 млрд. 248 млн. сўм өндирилген.
Буннан басқа, банклер пайдасына кредит қарыздарлықларын өндириў менен байланыслы ис жүритиўдеги 632 млрд. 918,6 млн. сўмлық 11 416 орынлаў ҳүжетлеринен 374 млрд. 209,2 млн. сўмлық 4 643 орынлаў ҳүжжетлери тамамланып, соннан алып барылған жумыслар нәтийжесинде 111 млрд. 257,9 млн. сўмлық қарыздарлық өндирилиўи тәмийинленген.

Сессия күн тәртибинен орын алған және бир мәселе Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 2021-жыл даўамында әмелге асырылған жумыслары ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Экология хәм қоршаған орталықты қорғаў комитети баслығыныӊ есабаты болды.
Өткен бир жыл даўамында комитет тәрепинен атмосфера ҳаўасына шығарылатуғын шығындылардың шекленген муғдарын белгилеўши 61 жойбар, қоршаған орталыққа турмыслық шығындыларды жайластырыўдың шекленген муғдарын белгилеўши 33 жойбар, ақаба шығынды суўларын таслаўдың шекленген муғдарын белгилеўши 14 жойбар ҳүжжетлери көрип шығылған ҳәм экологиялық экспертиза жуўмақлары берилген.
Республикамыз аймағындағы мәмлекетлик тоғай қорына кирмейтуғын терек ҳәм путалардың қымбат баҳалы сортлары кесилиўине жәрияланған мораторий дәўиринде 2021-жылда тоғай фонды жерлерине кирмейтуғын 165 мың 822 түп терек ҳәм путаларды кесиўге рухсат бериў бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардан 106 мүрәжатлар келип түскен. Соннан, 63 мүрәжат бойынша айырықша баҳаға ийе болмаған 2733 түп тереклерди кесиў ҳәм форма бериўге рухсат берилген болса, 43 мүрәжаттағы 163 мың 89 түп тораңғыл, тут, жийде ҳәм басқа путалы өсимликлердиң кесилиўине рухсат берилместен сақлап қалыўға ерисилген.

Сессия мәжилиси күн тәртибинде 2021-жылдың екинши ярымында орынлардағы норма дөретиўшилиги жумыслары ҳәмде ҳуқықты қолланыў әмелиятының жағдайлары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министриниң мәлимлемеси де тыӊланды.
Қарақалпақстан Республикасы әдиллик министри С.Мамбеткадировтыӊ мәлим етиўинше 2021-жыл даўамында министрлик ҳәм қала, районлық әдиллик бөлимлери тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылған.
Атап айтқанда, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша министрликке жәми 4 692 мүрәжат келип түсип, судларға 9 млрд. 363 млн. сўмлық даўа арзалар киргизилип, пуқаралардың ҳуқықлары тикленген.
Сондай-ақ, ҳуқықты қоллаў әмелиятын үйрениў жағдайы яғный, нызамлардың дурыс орынланыўы бойынша мәмлекетлик уйым ҳәм шөлкемлерде үйрениўлер өткерилип, бир қатар нызам бузыўшылық жағдайлары анықланған.
Үйрениўлер нәтийжелерине көре, Халық билимлендириў мәкемелерине 258, Денсаўлықты сақлаў мәкемелерине 115, Мийнет қатнасықлары тараўында 89, жергиликли ҳәкимият уйымларына 157 ҳәм басқа да кәрхана, мәкемелерге 608 усыныслар киргизилген. Буннан тысқары 322 ҳәкимшилик усыныслар, 1 374 ескертиўлер тийисли уйым ҳәм шөлкемлерге жиберилип, 419 жуўаплы хызметкерлер интизамий жуўапкершиликке, 7 шахс жынайый жуўапкершиликке тартылған.
Сондай-ақ, Әдиллик министрлиги тәрепинен мәмлекетлик уйымлардың 269 қарары бийкар етилип, пуқаралардың 6 млрд. 487 млн. сўм муғдарындағы пул қаржылары қайтарылыўына ерисилген.

Сессия күн тәртибинен Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суў ҳәм ақаба суў системасын жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққындағы мәселе де орын алды.
Бул мәселе бойынша Министрлер Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары Е.Аташовтыӊ есабаты тыӊланды.
2021-жылдың мәнзилли дәстүрине муўапық, мақсетли жамғармалар ҳәм де Мәмлекетлик бюджетлери қаржылары есабынан жәми 180 млрд. 715 млн. сўмлық болған 131 ишимлик суў ҳәм де ақаба суў тәмийнаты объектлериниң қурылыс-монтаж жумысларын әмелге асырыў белгиленип, белгиленген қурылыс жумысларынан 1-январь жағдайына объектлерде 166 млрд. 843 млн. сўмлық (92,3%) қурылыс-монтаж жумыслары орынланған, 115 дана объектлерде қурылыс-монтаж жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылған. Нәтийжеде 95 мыңнан аслам халық таза ишимлик суў менен тәмийинленген. Тараўда әмелге асырылған жумысларды презентация жәрдеминде толық таныстырды.

Ҳәкимлер тәрепинен қарарлар қабыл етилиўинде нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўи жағдайы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине парламентлик сораў жибериў, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў туўралы мәселелер көрип шығылып, бул бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма алтыншы сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети