Наўрыз көтериӊки руўхта белгиленбекте
Халқымыздыӊ көп әсирлик миллий байрамы есапланған Наўрыз пайтахтымызда көтериӊки кейпиятта, салтанатлы жағдайда белгиленбекте.
Улыстыӊ уллы күни Наўрыз байрамы пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейи, Жаслар орайы алдында ҳәм Истиқлол балалар дем алыў орайында көтериңки руўхта өткерилмекте. Байрам кешесине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов, ҳүкимет ағзалары, кеӊ жәмийетшилик ўакиллери қатнасты.

Көп жыллық тарийхқа ийе Наўрыз – шығыс халықларының жаңа жылы өзиниң жаңаланыў, бәҳәр нәпесин баслап келиўи менен инсанлар жүрегине терең сиңип кеткени, ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келиўи менен де әҳмийетли миллий байрам болып табылады.
Мәденият хызметкерлери ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы «Ассалам, Наўрыз – жаӊаланыў, мийрим-шәпәәт ҳәм қәдир-қымбат әйямы!» атамасындағы композиция менен басланды.


Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.
Елимиз бойлап байрам сейиллери даўам етпекте.