Мойнақ районында "NavrUz" этнофестивалы болып өтти
Ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланып киятырған “NavrUz” этнофестивалы быйылғы жылыда жоқары көтериӊки руўхта өткерилди.
Дәслеп Мойнақ аэропортында мийманлар күтип алынды.





Райондағы Мәденият орайы алдында Ташкент қаласынан ҳәм шет еллерден келген мийманлар, гүллән халқымыз жыйналған.

Бул жерде миллийлигимизге сай етип безетилген қара үйлер қурылған. Уста-өнерментлердиң қол мийнетлери, аспазлар тәрепинен таярланған ҳәр түрли миллий тағамлар көргизбеге қойылған.







Райондағы ашық театрда да таң азаннан миллий қосықлар жаӊлап, беташар, сүннет той сыяқлы миллий той-тамашалар атқарылды.
Бақсы-жыраўлар нама шалып, қосық айтса, миллий кийимлер кийген қыз-жигитлеримиз халқымыздыӊ миллийлигин, үрип-әдет дәстүрлерин көрсетип, байрам қатнасыўшыларына өзгеше қызығыўшылық ҳәм заўық бағышлады.


Байрам илажлары миллий ойынлар, спорт жарыслары менен даўам етти. Палўанлар гүрес ҳәм арқан тартыс бойынша өз-ара күш сынасты. Қошқарлар дүгистирилип, қоразлар урыстырылды.