Елликқалада шигит егиси бойынша семинар болды
1194
Қарақалпақстан Республикасында бириншилерден болып Елликқала районында быйылғы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазына байланыслы көргизбели семинар болып өтти.
Семинар-кеӊес райондағы «Худайберген Эрназаров» фермер хожалығында өткерилди. Көргизбели семинарда район ҳәкимлери, тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери кәрханаларының басшылары менен қәнигелери қатнасты.
Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, шигит егисиниӊ сапалы усыллары, дийқан фермерлер итибар қаратыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти ҳәм олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, районда егис жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериў бойынша айтарлықтай таярлық жумыслары алып барылды. Районда быйылғы жылы 9600 гектар майданға шигит егилип, мол өним жетистириў нәзерде тутылған. Буның ушын ҳәзирги ўақытта 36 отряд шөлкемлестирилди.
Илажда шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте сапалы өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирди.
Буның ушын қолда бар техникалардан нәтийжели пайдаланыў зәрүрлиги атап өтилди.
Нураний аталардың дуўасы менен усы күни дәслепки майданларға шигит себилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети