Елликқалада қос байрам
944
Халқымыз ҳәр жылдың табыслы келиўин Наўрыз байрамы менен баслайды. Бүгин Елликқала районыныӊ халқы бул байрамды қос қуўаныш пенен қарсы алмақта.
Себеби, молшылық, абаданшылық, мийрим-шәпәәт дереги болған Наўрыз байрамын ҳәм Елликқала районыныӊ дүзилгенлигиниӊ 45 жыллығын көтериӊки руўхта белгиледи.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов қатнасып, жыйналғанларды қос байрам яғный Наўрыз әйямы ҳәм Елликқала районыныӊ дүзилгенлигиниӊ 45 жыллығы менен қызғын қутлықлады.
Илажда атап өтилгениндей, Қарақалпақстанныӊ социаллық-экономикалық раўажланыўында өзиниӊ айрықша орнына ийе Елликқала районыныӊ келбети республикамыздыӊ басқа да қала ҳәм районлары сыяқлы пүткиллей жаӊаланып бармақта. Әсиресе, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз жаратып берген имканиятлар нәтийжесинде районда заманагөй турақ-жайлар, социаллық объектлер қурылып, жаӊадан ислеп шығарыў кәрханалары, хызмет көрсетиў орынлары иске түспекте.
Соны да атап өтиўимиз тийис, районныӊ бүгингидей раўажланыў басқышларына көтерилиўи – бул район халқыныӊ мийнеткешлиги ҳәм искер басшылардыӊ жумыс алып барыўы менен байланыслы.

Тарийхқа назер салсақ, Елликқала – бул әзелден цивилизацияныӊ Ўатаны деп аталады.
Бул жерлерде бизиӊ эрамызға шекемги дәўирлерде ақ илим, билимлендириў, өнерментшилик, мәденият, көркем-өнер ҳам басқа да тараўлар раўажланған.
Сонлықтан да бул районда көплеген тарийхый орынлар сақланып қалған. Дүзилгенине 45 жыл болса да тамыры тереӊ бул районнан Үшинши ренессансқа мүнәсип үлес қосатуғын әўладлар жетисип шығары сөзсиз.

Байрам салтанатлары миллийлигимизди сәўлелендириўши миллий тағамлар ҳәм ат шабысы, миллий ойынлар менен даўам етти. Халқымыздың неше әсирлерден бери сақланып киятырған миллий қәдирият, үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлери жәмленген бул байрам иләжында район турғынлары ҳәм мийманлар руўхый жақтан кеўилли ҳәм мазмунлы дем алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети