Халықаралық театр күни байрамланды
2025
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында халықаралық театр күнине арналған илаж болып өтти. Оған көркем өнер ғайраткерлери, театр жәмәәти, тараў нураныйлары ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Халықаралық театр күни менен қызғын қутлықлады.
Байрам мүнәсибети менен бир топар тараўдыӊ пидайыларына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊесиниӊ, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниӊ ҳәм бир қатар шөлкемлердиӊ ҳүрмет жарлықлары ҳәм қымбат баҳалы саўғалары тапсырылды.

Илаж көркем өнер тараўы хызметкерлериниӊ концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети