Жәмийетлик фонд комиссиясыныӊ мәжилиси болып өтти
Жоқарғы Кеңес жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен усы жылдың 22-февральдан 22-март аралығында “Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы” мәмлекетлик бағдарламасын орынлаўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў” атамасында 2 бағдарда мәмлекетлик грант ушын 1-таңлаўы жәрияланған еди.
Усы жәрияланған 1-таӊлаўға жәми 4 жойбар келип түскен. Келип түскен жойбарлар Жәмийетлик комиссияның исши топар ағзалары тәрепинен үйренип шығылып, жойбарлардың мақсет ҳәм ўазыйпалары жәрияланған таңлаў бағдарларына сәйкес келмейтуғынлығы атап өтилди. Мәжилисте өткен жылдың жуўмағы бойынша фонд тәрепинен әмелге асырған жумыслар ҳәм оларда өкерилген аудиторлық тексериў жуўмағы бойынша мәлимлемелер де тыӊланды.






Соныӊ менен бирге, Жоқарғы Кеӊес жанындағы Жǝмийетлик фонд тǝрепинен мǝмлекетлик грантлар ушын жәрияланатуғын 2-таӊлаўдыӊ бағдарлары да белгилеп алынды. Бул бойынша мәжилис қатнасыўшыларыныӊ пикир ҳәм усыныслар тыңланып, тийисли ўазыйпалар белгиленди.