Суд имәраты қайта реконструкциядан шықты
1191
Бүгин Хожели районында Жынаят ислери бойынша Хожели районлық суд имәраты пайдаланыўға тапсырылды. Имәраттыӊ ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов сөзге шығып, жыйналғанларды жақынласып киятырған мүбәрек Рамазан айы ҳәм суд имрәтыныӊ пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады.

Имәраттыӊ реконструкция жумысларына жергиликли бюджет қаржылары есабынан 1 миллиард 600 мың сўм қаржы ажыратылып, хызметкерлер ушын қолайлы шараятлар жаратылған.

Сыртқы фасады заманагөй көриниске ийе болып, ески суд залы заманагөй типтеги суд залына айландырылған. Сондай-ақ, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ўәкиллерин қабыллаў ханасы, пуқараларға бийпул юридикалық хызмет көрсетиў шөлкеми, адвокат ҳәм прокурор ханалары шөлкемлестирилген.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети