Шоманайлы 20 шаңарақ балаларының сүннет тойы өткерилип берилди
1984
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Ҳүкимет ағзалары район ҳәкими ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда Президентимиздиң басламасы менен елимизде кем тәмийинленген ҳәм майыплығы болған пуқаралары бар шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Жақынласып қалған Мүбәрек Рамазан айында халықтың жәрдемге мүтәж қатламына жәрдем бериў сыяқлы қайырқомлық ҳәм саўаплы ислерди әмелге асырыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден есапланады.
Бундай мийрим-шәпәәтлик ҳәм қайыр-сақаўат илажлары өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руҳында тәрбиялаўға хызмет етеди.
Илажда балаларға қәўендер «Шоманай Экотекс» кәрханасы тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Буннан кейин тойлары өткерилип атырған балалардың ата-аналары менен жақынлары шығып сөйлеп, жәрдемге мүтәж шаңарақларға көрсетип атырған айрықша ғамқорлығы ушын Ҳүкимет басшыларына шексиз миннетдаршылық билдирди.
Көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы илажға көтериңкилик бағышлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети