Пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўға байланыслы мәжилис болып өтти
1412
Бәршеӊиздиӊ хабарыӊыз бар усы жылдыӊ май айында елимизде пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаў болып өтеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде мине усы сайлаў мапазын жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткериў мәселесине бағышланған видеоконференцбайланыс тәрзинде мәжилис болып өтти.
Мәжилиске республика студиясынан Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, Жоқарғы Кеӊес депутатлары, пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши республика комиссиясы ағзалары, қала ҳәм район студияларынан сектор басшылары, пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши қала ҳәм район комиссиясы ағзалары қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов ашты ҳәм басқарып барды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеӊеси тәрепинен пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша қабыл етилген арнаўлы қарары тийкарында Жоқарғы Кеӊестиӊ Президиумы қарары қабыл етилген. Усы қабыл етилген қарарда пуқаралар жыйынлары баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши республика ҳәм де қала, район комиссиясы қурамы тастыйықланып, илажлар режеси тастыйықланған.
Тастыйықланған илажлар режесине муўапық қала ҳәм районларда пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўына таярлық жумыслары алып барылып атырғаны менен айрым қала ҳәм районларда кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы қатаӊ сынға алынды.
Орынларда ушырасып атырған кемшиликлерди сапластырыў, қала ҳәм район комиссияларыныӊ жумысларын еле де жеделлестириў, оларға әмелий жәрдемлер көрсетиў мақсетинде ҳәр бир қала, районға жуўапкерлер бириктирилип, оларға өзлери жуўапкер болған аймақларда сайлаўға байланыслы илажлардыӊ орынларда сапалы орынланыўын қадағалаў тапсырылды.

Мәжилисте Республика комиссиясы ағзалары да шығып сөйлеп, быйылғы жылы болып өтетуғын сайлаўдыӊ әҳмийети ҳәм өзгешелигине айрықша тоқтап өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети