Конституция байрамы алдынан ушырасыўлар болып өтпекте
1718
Усы жылдыӊ 1-апрель сәнесинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик Университетинде «Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң жигирма тоғыз жыллығы» атамасында студент жаслар менен ушырасыў болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Даўытбай Қурбаниязов, Әдиллик министри, Қарқалапақстан Республикасы Суды баслығыныӊ орынбасары, университеттиӊ студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисти Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетиниң Ректоры А.Реймов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Соӊынан Жоқарғы Кеңестиң комитет баслығы Д.Қурбаниязов жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң жигирма тоғыз жыллығы байрамы менен қутлықлады ҳәм кең түрде баянат жасады.
Атап өтилгениндей, Конституция-ҳәр бир мәмлекеттиң, оның халқының ой-пикирин, еркин, руўхый, жәмийетлик санасын ҳәм мәдениятын ҳәр тәреплеме сәўлелендириўши Нызам болып табылады.
1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилген Конституциямыз жаңа мәмлекет, жаңа жәмийет қурыў, жаңадан-жаңа имканиятлар жаратыўшы тарийхый ҳүжжет сыпатында қәдирленип келинбекте.
Оның қабыл етилиўи менен жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик қурылыстың барлық тараўларындағы қатнасықларды, нызамшылығымыздың барлық тараўларын тәртипке салыўшы ҳуқықый система жаратылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети