Мәжилис болып өтти
1646
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесинде, Жоқарғы Кеӊестиӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниӊ мәжилиси болып өтти. Мәжилис видеоконференцбайланыс тәрзинде болып өтти.
Мәжилиске республика студиясынан комитетке ағза депутатлар, тийисли мәкеме басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, қала ҳәм район студияларынан ҳәким орынбасарлары, тийисли мәкеме шөлкем басшылары қатнасты.
Мәжилисти Жоқарғы Кеӊес комитет баслығы З.Реймова кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Усы жылдың 11-февраль күни Президентимиз басшылығында «Қәўипсиз ҳәм тегис жол» принципи тийкарында жолларда инсан қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жаңа басқышқа алып шығыў илажларына бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өткен еди.
Видеоселектор мәжилисинде соңғы ўақытларда жолларда авто аварияның көп болыўы, буның себебинен бир қанша адамлардың қайтыс болғанлығы сөз етилип, бундай жағдайларды сапластырыў ҳәм олардың алдын-алыў бойынша бир қанша тапсырмалар ҳәм де системаны түп-тийкарынан өзгертиўге қаратылған бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди.
Усы ўазыйпалардан келип шығып, бүгинги мәжилисде Республикада Ҳуқықбузарлықлардың алдын-алыў ҳәм олардың профилактикасы жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри ҳәм Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баслығыныӊ мәлимлемеси тыӊланды.

Мәжилис қатнасыўшылары тәрепинен тараўда әмелге асырылып атырған жумысларда кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы сынға алынды.
Жынаятшылық ҳәм де жол транспорт ҳәдийсеси көрсеткишлери салыстырмалы рәўиште өскенлиги бойынша, турақлы комиссияларға сораўлар берилди. Сондай-ақ, светафорлардыӊ ислемей қалыўы, жолларды бетонлар менен тосып қойылыўы, пиядалар жолларыныӊ реӊлери көринбей қалыўы, жол белгилериниӊ саз жағдайда болмағанлығы фото фактлер менен көрсетилди.

Орынларда ушырасып атырған кемшиликлерди сапластырыў, алдағы ўазыйпаларды сапалы орынланыўын қатаӊ қадағалаў тапсырылды ҳәм комитет шешими қабылланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети