Сайлаўдың шөлкемлестириў - ҳуқықый тийкарлары додаланды
3862
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўыныӊ шөлкемлестириў – ҳуқықый тийкарлары» атамасында әмелий семинар болып өтти.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзалары, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы комиссиясы ағзалары, район ҳәм қала комиссиясы баслықлары, исши топар баслықлары, жергиликли Кеңеслердиң секретариат баслықлары, ҳәкимликлердиң шөлкемлестириў-кадрлар топар басшылары ҳәм де ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Жыйналысты Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Баслығыныӊ орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри С.Мамбетқадиров Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўының ҳуқықый тийкарлары, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов 2019-жылда болып өткен пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде жол қойылған кемшиликлер ҳәм оларды алдағы ўақытлары алдын алыў илажлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ Қорғаў ҳәм қаўипсизлик мәселелери комитети баслығының орынбасары, Республика комиссиясы баслығының орынбасары Т.Мадумаров Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў процесинде қала ҳәм район комиссияларының ўазыйпалары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты аппаратыныӊ Шөлкемлестириў жумыслары бөлими баслығы, Республика комиссиясы хаткери А.Бобоев Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў процессинде исши топарлардың ўазыйпалары ҳаққында баянат жасады.
Атап өтилгениндей, усы жылдың 16-март күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеӊесиниӊ «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў, өткериў басқышында қала ҳәм район комиссияларыныӊ ўазыйпалары ҳаққында»ғы қарары қабылланды. Бул қарарға муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумының да тийисли қарары қабылланды. Бул қарарларға тийкарынан, усы жылдың май айында Қарақалпақстан Республикасындағы барлық 424 өзин-өзи басқарыў уйымларында пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўларын өткериў белгиленди.
Сондай-ақ, «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы ҳаққында»ғы Нызамға муўапық пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм район комиссиялары ҳәм де пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ҳәр бир мәҳәллелерде исши топарлар дүзилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеӊесиниң қарары менен тастыйықланған илажлар режесинде сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы, қала ҳәм район комиссиялары ҳәм де исши топарлар ушын әмелий семинарлар шөлкемлестириў белгиленген.
Себеби, пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳәр биримизден үлкен жуўапкершиликти талап етеди.

Илаж қатнасыўшылары сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети