Конституция байрамы болып өтти
2293
Усы жыл 9-апрель күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Оған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, студент-жаслар, жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Салтанатлы мәжилисте дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы байрамы менен қызғын қутлықлады.

Илажда атап өтилгениндей, Конституциямыз – бул миллий ҳуқық системасының тийкарын қураў менен бирге, инсанлардыӊ ҳуқық ҳәм еркинлигин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып табылады.
Елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, әлбетте жәмийетлик-сиясий турмысымызда жүз берип атырған өзгерислер менен жаңаланыўлар, социаллық- экономикалық тараўларда ерисилип атырған нәтийжелер – Тийкарғы Нызамымыз жаратып берген имканиятлардыӊ нәтийжеси саналады.
Усы орында соны да атап өтиўимиз тийис, елимизде ҳүрметли Президентимиздиӊ басшылығында узақты гөзлеген мәмлекетлик сиясат, ислеп шығылған нызамлар, Қарақалпақстан бойынша қабыл етилген қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар турмысымызда айрықша орын ийелейди.
Буннан кейин сөзге шыққанлар жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, республикамыздың халқына, соның ишине, жасларымызға айрықша ҳүрмет ҳәм итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди. Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов Конституцияға арналған қосығын оқыды.
Илаж көркем өнер шеберлериниң байрам концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Cалтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети