Конституция - пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын өткериўдиң ҳуқықый тийкары
1729
Соңғы жылларда елимизде мәҳәлле институтының абыройын арттырыў тек ғана социаллық-экономикалық емес, ал сиясий, тәрбиялық ҳәм руўхый әҳмийетке ийе болған тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленип, елимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўда оның исенимли сүйениш ҳәм тәсиршең күш болып хызмет етиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў бағдарында кең көлемли илажлар басқышпа-басқыш әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта мәҳәллениң ресурс ҳәм имканиятларын арттырыў, хызметкерлердиң материаллық тәмийинлениўин жақсылаў бойынша бағдарламаны нәтийжели әмелге асырыў зәрүрлиги белгиленбекте.
Миллий мәмлекетшилигимиз тарийхында дәслепки мәрте посёлкаларда, аўылларда сондай-ақ, олардың қурамындағы мәҳәллелерде ҳәм де қалалардағы мәҳәллелерде пуқаралар жыйынлары өзин-өзи басқарыўдың аймақлық бирликлери сыпатында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 99-статьясында беккемлеп қойылды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 30-статьясына муўапық, пуқаралардың жәмийет ҳәм мәмлекет ислерин басқарыўда қатнасыўдағы сиясий ҳуқықларының дизими белгилеп берилди ҳәм де бундай қатнас өзин-өзи басқарыў уйымлары арқалы әмелге асырылыўы нызамластырылды. Сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда оның тийкарғы субъектлеринен бири екенлиги конституциялық тийкарда беккемленди.
Жүзден аслам нормативлик-ҳуқықый актлерде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жәмийетлик турмыстың белгили бир саласындағы қатнасы өз сәўлелениўин тапты.
Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2022-жыл 1-март күни болып өткен видеоселектор мәжилисинде мәҳәлле институтын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың көринисин түп-тийкарынан жақсылаўға қаратылған анық ўазыйпалардың белгилеп берилиўи үлкен тарийхый ўақыя болды. Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислесиў, мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Пәрманы тараўда жаңа дәўирди баслап берди.
Пәрманға муўапық, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм де аймақлық бөлимлери тийкарында тийислисинше Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги шөлкемлестирилди, сондай-ақ олардың аймақлық бөлимлери дүзилди. Министрлик нуранийларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, мәҳәллелер менен бирге ислесиўди орнатыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланады.
Усы нызамшылық актине тийкарланып пуқаралар жыйыны баслығына (ақсақалына) қосымша ҳуқықлар берилди. Яғный, пуқаралар жыйыны баслығы район, қала ҳәким жәрдемшиси, мәҳәлледеги жаслар жетекшиси ҳәм ҳаял-қызлар белсендиси, ишки ислер уйымлары таяныш пункти профилактика инспекторларын хошаметлеў яки оларға ийелеп турған лаўазымынан босатыўға болған жаза шараларын қоллаў бойынша усы хызметкерлердиң жоқары турыўшы шөлкемлерине көрип шығыў ушын усыныслар киритиўи мүмкин.
Бәршемизге белгили, реформаларымыздың нәтийжелери, болып атырған өзгерислер ҳәм халықтың кейпияты, дәслеп, мәҳәлледе сезиледи. Усы мәнисте, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев: «Мәҳәлле – жәмийетимиздиң жарық жүзи ҳәм ҳүждан айнасы» десек, туўры болады. Соның ушын барлық дәрежедеги басқышлар пәске түсип, өз тараўы бойынша мәҳәллелердеги машқалаларды үйрениў ҳәм оларға шешим табыўы, нәтийжени тәмийинлеўи шәрт» - деген еди. Ҳақыйқатында да, бүгинги күни мәмлекетимизде барлық пуқаралар жыйынларында «Мәҳәлле баслығы — реформатор» принципи тийкарында жәмийеттеги ҳәр қыйлы мәселелерди шешиў, инсанлардың машқалаларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, турмыс шараятын жақсылаў бойынша жаңа система жолға қойылды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2022-жыл 16-марттағы «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм де оны өткериў ҳаққында»ғы КҚ-320-IV-санлы қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында» ғы Қарары қабыл етилди. Усы қарарға муўапық пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын өткериў мүддети 2022-жылдың май айы етип белгиленди. Усы жылдың май айында Қарақалпақстан Республикасында 424 пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайланады.
«Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) сайлаўы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы 2019-жыл 27-мартта қабыл етилди. Бул нызамның қабыл етилиўи менен пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) сайлаў барысындағы пуқаралардың ҳуқықларын толық тәмийинлеўге қаратылған тийисли ҳуқықый кепилликлери және де кеңейттирилди. Усы Нызамға муўапық, пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) жергиликли халық сайлайды ҳәм оған исеним билдиреди.
Гезектеги мәҳәлле баслығына (ақақалына) болып өтетуғын сайлаўлар елимиздиң раўажланыўының пүткиллей жаңа басқышында, соның ишинде, мәҳәлле институти жумысының нәтийжелилигин арттырыў, оны жәмийетлик басқарыў ҳәм қадағалаўдың сүйенш буўынына айландырыў, мәҳәлле баслығы ҳәм оның орынбасарлары ўәкилликлерин кеңейтиў, оларға халықтың машқалаларын тиккелей шешиў бойынша және де көбирек имканиятлар жаратыў, мәҳәлле баслығына жергиликли кеңес мәжилисинде көрилиўи мәжбүрий болған мәселелерди киргизиў ҳуқықын бериў, жергиликли атқарыў ҳәм ўәкилликли уйымлар ҳәм де мәҳәлле институты менен жумысын түпкиликли жетилистириў «Жаңа Өзбекстан раўажланыў стартегиясы»ның баслы бағдарларынан бири.
Мине жоқарыда көрсетип өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы пуқаралардыӊ өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын шөлкемлестириўдиң тийкарғы дереги болып есапланады. Демек, мәмлекетлик ҳәкимият пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын нызамлы-ҳуқықый база ҳәм юридикалық кепили менен тәмийинлеген.
Улыўмаластырып айтқанда, бүгинги күнде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары миллий демократиялық институт сыпатында ҳәр биримиздиң күнделикли турмысымызда өзиниң айрықша орнына ийе болып табылады.
Зухра Реймова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниӊ баслығы