КЕГЕЙЛИДЕ «ЖАҢА ӨЗБЕКСТАН» ТУРАҚ ЖАЙЛАР МАССИВИНИҢ ИРГЕ ТАСЫ ҚОЙЫЛДЫ
1517
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 9-декабрьдеги «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардыӊ социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў ҳаққында»ғы ПП-32-санлы Пәрманы тийкарында Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларында жаӊа турақ жай массивлерин шөлкемлестириў режелестирилген.
Бүгин Кегейли районындағы «Ақтуба» аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 10,8 гектар жер майданда қурылысы режелестирилген жаңа массивтиӊ ирге тасы қаланып, қурылыс жумыслары баслап жиберилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов қатнасып, қурылыс жумысларының алып барылыў тәртиби, белгиленген объектлердиң өз ўақтында сапалы етип пайдаланыўға тапсырылыўы зәрүр екенлигин атап өтти ҳәм тийисли тараў басшыларына ўазыйпалар белгилеп берди.
Усы орында соны да атап өтиў орынлы, Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларындағы таӊланған жер участкаларында 2022-2026-жылларда 4338 квартиралы 145 турақ жай қурыў режелестирилген.
Соннан, Кегейлиде 1260 квартиралы 42 турақ жай, Қараөзекте 648 квартиралы 22 турақ жай, Қанлыкөлде 2430 квартиралы 81 турақ жай қурыў белгилеп алынған.
Быйылғы жылы болса аты аталған районларда 678 квартиралы 23 турақ жай қурылысы режелестирилген.
Атап айтқанда, Қараөзек районындағы «Есим» аўыл пуқарлар жыйынындағы 10 гектар жер майданда 168 квартиралы 6 турақ-жай ҳәм де 1 мектеп, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў, Кегейли районындағы «Ақтуба» аўыл пуқарлар жыйынындағы 10,8 гектар жер майданда 210 квартиралы 7 турақ-жай ҳәм де 1 мектеп, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин, 1 денсаўлықты сақлаў объектин қурыў, Қанлыкөл районындағы «Наўрыз» аўыл пуқарлар жыйынындағы 14,3 гектар жер майданда 300 квартиралы 10 турақ-жай ҳәм де 1 мектеп, 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў режелестирилген.
Соныӊ менен бир қатарда, усы 3 массивте шаӊарақлық поликлиника, мәденият үйи, коворкинг, саўда ҳәм кеўил ашар орайлары, хостел, улыўма аўқатланыў шахабшасы, аралас затлар саўда дүканлары, мәҳәлле гүзары имараты, нанбайхана, дәрихана, дем алыў бағы ҳәм спорт комплекси объектлери қурылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети