Өзбекстан Президенти Венгрия Бас министри менен қоспа жойбарлардыӊ барысын додалады
1532
14-апрель күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.
Сөйлесиў басында Өзбекстан жетекшиси Венгрия Ҳүкимети басшысын “ФИДЕС” - Христиан-демократиялық халық партиясы коалициясыныӊ усы мәмлекет парламентине сайлаўда жеӊиске ерискени менен шын жүректен қутлықлады.
Тәреплер еки мәмлекет ортасында дипломатиялық мүнәсибетлер орнатылғаныныӊ 30 жыллығы менен бир-бирин қутлықлады.
Стратегиялıқ шериклик мүнәсибетлерин еле де беккемлеў мәселелери, Венгрия Бас министринииӊ өткен жылы март айындағы Өзбекстанға сапары жуўмағында ерисилген келисимлердиӊ орынланыў барысы толық додаланды.
Фармацевтика, аўыл хожалығы, шарўашылық, азық-аўқат санааты, қурылыс материаллары ислеп шығарыў тармақларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў, банк-финанс саласындағы өз-ара мәпли бирге ислесиўди кеӊейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Халықаралық ҳәм регионлық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алмасылды. Алдағы жоқары дәрежедеги илажлар жобасы көрип шығылды.
Сөйлесиў әдеттегидей шын кеўилден ҳәм дослық руўхында өтти.